Президент Шавкат Мирзиёев 15-январь күни Ташкент қаласында әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары, кәрханалардың жумысы менен танысты.

Қыйын сынақлар келтирген 2020-жыл артта қалып, жаңа жыл кирип келди. Быйылғы жыл бәршеге жаңа үмитлер бағышламақта. Оған ылайық барлық тараўларда, орынларда жақсы өзгерислер жүз бермекте.

Атап айтқанда, пайтахтымызда да қурылыс, жаңаланыў даўам етпекте. Қала орайындағы Ислам Кәримов көшесинде Олий Мажлис Сенаты ушын жаңа имарат таярланып атырғанлығынан ҳәммениң хабары бар. Жойбарға бола, 6 қабатлы ески имарат түп-тийкарынан реконструкцияланып, қосымша объектлер қурылмақта. Бүгинги күнде инженерлик тармақлар монтажланбақта.

Мәмлекетимиз басшысы бул жердеги жумысларды  көзден өткерди.

Өзбекстан Республикасының Олий Мажлиси жоқары мәмлекетлик ўәкиллик уйымы болып, нызам шығарыўшы ҳәкимиятты әмелге асырады. Сонлықтан, Сенатта бәрқулла жумыс «қайнайды». Жоқары палатаның турмысы додалаў ҳәм сөйлесиўлерге бай. Сырт ел делегциялары да көп келеди. Парламент қадағалаўының өзи үлкен ҳәм оғада әҳмийетли ўазыйпа.

Жаңа имаратта әне усындай барлық тәреплер инабатқа алынып, сенаторлар ушын ең заманагөй шараятлар жаратылмақта. Соның ишинде, Олий Мажлис палаталарының қоспа мәжилисин өткериў ушын 280 орынлық зал шөлкемлестирилмекте. Ол миллий нағыслар менен безетилген, заманагөй техникалар менен үскенеленген болады.

Президент бул жерде қолайлықларды арттырыў бойынша көрсетпелер берди.

– Парламентимиз белсенди ислемекте. Мәжилислер ўақтында бир нызам жойбары саатлап додаланады. Соның ушын қатнасыўшылардың ҳәрекетлениўи, саламатлығы, жасы менен байланыслы ҳәр бир жағдайды итибарға алыў, соған жараса қолайлылық жаратыў зәрүр. Залға қуяштың нуры түсип турса, кейпиятқа, жумысқа жақсы тәсир етеди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Жаңа имаратта делегациялар менен ушырасыўлар, баспасөз әнжуманлары, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери ушын да барлық шараят жаратылады.

Зергерлик өнимлери пүткил дүньяда өтимли болып есапланады. Дүнья зергерлик санаатында өндирис көлеми жылына бес-алты процентке өсип атырғанлығы, товар айланысы 250 миллиард доллардан артып атырғаны оның үлкен экспорт потенциалынан дәрек береди.

Мәмлекетимизде көп жыллар бул тармақ итибардан шетте қалған еди. Зергерлик кәрханалары әсбап-үскенелериниң 80 проценти ескирген, айырымларында өндирис тоқтаған еди.

Президент Шавкат Мирзиёев 2019-жыл 8-май күни өткерилген мәжилисте зергерликти шын мәнисинде санаат дәрежесине алып шығыў ўазыйпасын қойған еди. Көп өтпей, сол жылы  18-майда мәмлекет басшысының «Өзбекстан Республикасында зергерлик тармағын жедел раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы пәрманы қабыл етилди. Оған муўапық, тараўға шет ел инвестицияларын жедел тартыў, бәсекиге шыдамлы ҳәм сапалы зергерлик буйымларын таярлаўда жергиликли ислеп шығарыўшыларды ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлаў ушын қолайлы шараятлар жаратылды.

Жақында пайтахтымыздың Чиланзар районында иске қосылған «Gold Moon Tashkent» жуўапкершилиги шекленген жәмийети әне усы нәтийжелерден бири.

Мәмлекетимиз басшысы бул кәрханаға барды.

Жойбарды әмелге асырыў ушын дерлик 21 миллион АҚШ доллары тартылды. Италия, Германия ҳәм Түркияның зергерлик тармағында жетекши есапланған фирмаларынан заманагөй әсбап-үскенелер келтирилди.

«Gold Moon Tashkent» ЖШЖ директорының орынбасары Ҳикмат Маҳмудовтың айтыўы бойынша, ҳәр қыйлы таяр ҳәм ярым таяр зергерлик буйымларын ислеп шығарыўға 200 ден аслам уста-зергер тартылған. Өндирис процесинде италиялы дизайнер ҳәм техникалық хызметкерлер зергерлерге өз шеберлик сырларын үйретпекте.

Жойбар толық әмелге асырылғаннан соң, баҳалы металлар ҳәм таслардан жылына 6 тонна зергерлик буйымлары ислеп шығарылады.

Заводқа шийки зат мәмлекетимиздеги ири таў-кән санааты кәрханаларынан биржа саўдалары арқалы сатып алынады. Зергерлик буйымлары «Фонон» бренди астында базарға шығарылады.

Бул кәрхананың жумыс баслаўы жергиликли өнерментлер ушын да қолайлылық жаратты. Кәрхана оларға ярым таяр өним жеткерип береди.

Сондай-ақ, завод имаратында саўда дүканы да шөлкемлестирилген. Бул жерде нәзик усылда исленген, көркемлиги ҳәм сапасы менен ҳәммеге бирдей туўра келетуғын зергерлик буйымларының саўдасы жолға қойылған.

Саўда дүканында сатыўшылар тәрепинен ҳәр бир тутыныўшының талғамы ҳәм тилегине бола ең сийрек ушырасатуғын зергерлик өнимлери усыныс етиледи.

Мәмлекетимиз басшысы кәрханадағы өндирис процесин көзден өткерип, хызметкерлер менен сөйлести.

– Зергерлик халқымызда бурыннан болған, бүгин де бар, – деди Шавкат Мирзиёев. – Бизиң мақсетимиз – жасларды заманагөй технологиялар ҳәм дизайнға үйретип, кеминде 10 мың жигит-қызды жумыс пенен тәмийинлеў, Өзбекстан миллий брендин жәҳән базарына шығарыў. Елимизде шийки зат, қолы гүл өнерментлер бар. Бул тараў миллий дәстүрлерди тиклеў, өзлигимизди аңлаў көзқарасынан да әҳмийетли тийкар.

Кәрхана дәстүрий өзбек зергерлик буйымларын Европа ҳәм Италия дизайни менен және де байытыў, негизги дәрежеси ҳәм сапасын кепиллеў, алтынды қайта ислеў усылларын көбейтиў арқалы әдеттегидей емес тағыншақлар ислеп шығарыў, алтын ҳәм гүмис коммерциялық саўдасын жолға қойыў, Ҳиндстан, Африка ҳәм Шри-Ланкада қайта исленген баҳалы ҳәм ярым  баҳалы таслардан пайдаланып, тағыншақлар соғыўды мақсет еткен.

Бүгинги күнде өнимлерге тутыныўшы көбейип, импорттың орнын баспақта. Өнимлер Россия, Қазақстан, Тәжикстан, Қырғызстан, Аўғанстан ҳәм басқа да мәмлекеткерге экспорт етиледи.

Зергерлик тараўын раўажландырыў және бәсекиге шыдамлы ҳәм экспортқа жарамлы өнимлерди ислеп шығарыў тийкарғы ўазыйпалардан  болып есапланады. Усы зергерлик буйымларының кәрханасы өндирис көлеми бойынша Орайлық Азиядағы ири кәрханалардан бири есапланады.

Президент Шавкат Мирзиёев жақында өзиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында усы жылы өткир бүйрек жетиспеўшилиги болған 5 мыңнан аслам наўқас биринши мәрте бийпул гемодиализ хызмети менен қамтып алыныўы, оның ушын бюджеттен 140 миллиард сум ажыратылатуғынын атап өткен еди.

Мәмлекетимиз басшысы усы бағдардағы жаңа комплекс – Республикалық қәнигелестирилген нефрология ҳәм бүйрек трансплантациясы илимий-әмелий медицина орайындағы қурылыс жумыслары менен танысты.

Елимиздеги тәбийғый шараят бүйрек кеселликлерин келтирип шығарыў факторларынан бири. Мәселен, өткен жылы созылмалы бүйрек кеселлиги менен 118 мыңнан аслам наўқас диспансер бақлаўында болған. Олардың 23 мыңында созылмалы бүйрек жетиспеўшилиги бақланған, 5 мыңнан асламы гемодиализге мүтәжлик сезген. Усы сыяқлы машқалалар емлеўдиң заманагөй инфраструктурасын шөлкемлестириў зәрүрлигин қойып атырған еди.

Пайтахтымыздың Юнусабад районында қурылып атырған медицина орайы усы бағдардағы жумыслардан бири болып есапланады. Бул жер бурын Ташкент қаласының нефрология емлеўханасы еди. Оның ескирген имаратында гемодиализ алыў ушын орынлардың саны мүтәжликтен бир неше есе аз, халыққа сапалы нефрология жәрдемин көрсетиў имканияты оғада шекленген еди.

Президентимиздиң 2018-жыл 12-июльдеги «Өзбекстан Республикасы халқына нефрология ҳәм гемодиализ жәрдемин көрсетиў нәтийжелилигин арттырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, усы емлеўхана негизинде Республикалық қәнигелестирилген нефрология ҳәм бүйрек трансплантациясы илимий-әмелий медицина орайы шөлкемлестирилди.

Бурын гемодиализ анализлеринде диализаторлар көп мәрте қолланылатуғын еди. Тараўға итибар себепли 2019-жыл ноябрь айынан баслап гемодиализ наўқаслар ушын диализаторлардан бир мәрте пайдаланыўға өтилди. Бул медицинамыздағы революциялық жетискенлик болып, емлеўдиң сапасын кескин арттырыў, наўқаслардың өмирин узайтыў, қан арқалы жуғыў мүмкин болған түрли кеселликлердиң алдын алыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Жаңа орайда бүйрек жетиспеўшилиги кеселликлерин емлеўде ең алдынғы хызметлер жолға қойылады. Бүгинги күнде бул жерде еки жаңа емлеў корпусы қурылмақта. Усы жылы 3-4-корпуслар пайдаланыўға тапсырылады. Келеси жылы бар имаратлар оңланады.

Шавкат Мирзиёев қурылыс процесин көзден өткерди.

– Елимизде нефрология раўажланбаған. Әсиресе, аймақларда клиникалар да, қәнигелер де жетиспейди. Көпшилик наўқаслар емлеўханаға кеселликтиң соңғы басқышында келип атыр. Соның ушын, бәринен бурын, адамлардың бул бойынша билимин, хабардарлығын арттырыў керек. Қарақалпақстан ҳәм ўәлаятларда да емлеўханалар шөлкемлестирип, усы орай менен онлайн байланыстырыў, тармаққа айландырыў, системалы профилактикалық жумысларды жолға қойыў зәрүр, – деди Президент.

Аймақларда жумыс ислеп атырған шыпакерлерди бул орайда оқытып, маманлығын арттырыў, емлениў ушын материаллық имканияты жоқ наўқасларды мәмлекетлик қорғаўға алыў бойынша көрсетпелер берди.

Бес қабатлы емлеў корпусы 170 орынға мөлшерленген болып, бул жерде трансплантация, гемодиализ, реабилитация, экстракорпорал детоксикация, бүйрек аутоиммунлық кеселликлер, интенсив нефрология, балалар ҳәм жасы үлкенлер реанимация бөлимлери, сондай-ақ, нефрология ҳәм гемодиализ, бүйрек трансплантациясы қәнигеликлери кафедралары, поликлиника, дәрихана жайласады. Барлық бөлимлер жоқары технологиялық медициналық үскенелер менен тәмийинленеди.

Еки қабатлы және бир имаратта 60 үлкен жастағы ҳәм балалар гемодиализ аппаратлары орнатылады. Ең әҳмийетлиси, орайда биринши мәрте балалар гемодиализ хызмети жолға қойылады.

Орайдағы қурылыс-оңлаў жумысларының нәтийжесинде наўқасларға медициналық жәрдем көрсетиў сапасы ҳәм қамтып алыўы артады. Амбулаториялық ҳәм стационарлық тәртипте 100 ден аслам медициналық хызметлер жолға қойылады. Соның ишинде, жылына 60 мыңнан аслам гемодиализ анализлери, 150 айрықша бүйрек көширип өткериў сыяқлы жоқары технологиялық әмелиятлар орынланады.

Медицина жоқары оқыў орынларының 7 кафедрасы усы жерде жумыс ислейди. Бул нефрология тараўында «билимлендириў-әмелият-илим» интеграциясын тәмийинлеўге хызмет етеди. Алдынғы сырт ел медициналық орайлары менен биргеликте жаңа емлеў технологиялары ҳәм стандартлары ислеп шығылып, әмелиятқа енгизиледи.

Сондай-ақ, усы мәкеме басқа қәнигелестирилген медицина орайлары, аймақлардағы емлеўханалар менен биргеликте халықты турақлы түрде медициналық тексериўден өткерип барады.

Орайда Япония, Қубла Корея, Ҳиндстан сыяқлы мәмлекетлердиң жетекши клиникалары менен биргеликте илимий жойбарлар ҳәм тәжирийбе алмасыў платформасы жаратылады. Бүгинги күнде Түркияның Башкент, Германияның Маннгейм университетлериниң клиникалары, Россияның Академик В.Шумаков атындағы трансплантология ҳәм жасалма органлар илимий-изертлеў медициналық орайы менен биргеликте жергиликли кадрлардың бул орайларда маманлығын арттырыў жолға қойылған.

Келешекте мәмлекетлик – жеке меншик шериклик тийкарында орайды медицина кластерине айландырып, медициналық хызметлер экспортын раўажландырыў, сырт елдеги орайларды мәмлекетимиздиң регионларына бириктирип, бүйрек кеселликлерин ерте анықлаў ҳәм емлеў сапасын арттырыў, диализ мийирбийкелерин оқытыў бойынша тапсырмалар берилди.

Халықтың турмыс дәрежесинде мәҳәллелердеги шараят, инфраструктура ҳәм хызметлердиң сапасы әҳмийетли фактор болып есапланады. Реформалардың нәтийжелери, тараўлардағы өзгерислер де бәринен бурын мәҳәлледе сезиледи.

Сонлықтан, Президентимиз Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында барлық дәрежедеги басшылар төменге түсип, өз тараўы бойынша жумысты мәҳәллелерде шөлкемлестириўи, машқалаларды үйренип, оларға шешим табыўы зәрүр екенлигин атап өткен еди. Соның менен бирге, мәҳәлле уйымының ўәкиллигин кеңейтиў, баслық ҳәм хызметкерлердиң материаллық тәмийнатын жақсылаў бойынша басламалар алға қойылған еди.

Мәмлекетимиз басшысы усындай жумыслар менен танысыў мақсетинде Юнусабад районындағы «Янги боғ» мәкән пуқаралар жыйынында болды.

Бул жерде 7 мыңға шамалас халық жасайды. 2 мыңнан аслам шаңарақ бар. Жаңадан қурылған мәҳәлле гүзары имаратында кең шараятлар жаратылған.

Усы жерде Юнусабад районындағы мәҳәллелердиң белсендилери менен сөйлести.

– Мәҳәлле баслығы – Президенттиң төменги буўындағы таянышы. Мәҳәллениң экономикасын өзгертсек, жәмийетимиз өзгереди. Оның ушын жаслардың басламаларын қоллап-қуўатлаў, «Ҳәр бир шаңарақ – исбилермен» бағдарламасынан нәтийжели пайдаланыў керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Көп қабатлы үйлерге сапалы хызмет көрсететуғын басқарыў компанияларын шөлкемлестириў, ишки жолларды оңлаў, турмыслық хызметлерди көбейтиў бойынша көрсетпелер берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Ташкент қаласы районларының ҳәким ҳәм сектор басшылары, Юнусабад район мәҳәлле басшылары, жаслар менен пикирлести.

Пайтахтымызда мәҳәлле менен ислесиў системасы барлық районларда енгизилмекте. Усы мақсетте арнаўлы жумысшы топар тәрепинен Юнусабад районындағы 63 мәҳәллениң раўажланыў дәрежеси, бар машқала ҳәм имканиятлары үйренилгенлиги атап өтилди.

Бас министрдиң орынбасарлары – Өзбекстан Республикасы инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министри және экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министри  бул бойынша мәлимлеме берди.

Юунусабад районын 2021-2022-жылларда комплексли раўажландырыў бағдарламасы ислеп шығылған. Санаат ҳәм хызмет көрсетиўди раўажландырыў бағдарында улыўма баҳасы 14,4 триллион сумлық 141 ири ҳәм орта инвестициялық жойбар қәлиплестирилген. Олардың шеңберинде 936 миллион доллар тиккелей сырт ел инвестицияларын өзлестирип, дерлик 8 мың жаңа жумыс орнын жаратыў мақсет етилген.

Жумыссыз халықты исбилерменликке тартыў мақсетинде Бәнтликке жәрдем бериў қорынан 1 миллиард сум субсидия ажырытылып, райондағы 260 пуқараның бәнтлиги тәмийинленеди. Мийнет уйымлары жолламасы тийкарында 600 ден аслам жумыссыз кәсип-өнерге оқытылады.

Инфраструктураны раўажландырыў илажлары да белгиленген. Атап айтқанда, усы жылы 75 километр ыссылық ҳәм 108 километр электр тармақлары, 101 трансформаторда оңлаў-тиклеў жумыслары әмелге асырылады. 86 көше капитал оңланады.

Мәжилисте мәҳәлле басшылары өз аймағындағы машқалаларды сапластырыў, шараятларды жақсылаў, жаңа кәрханалар шөлкемлестириў бойынша усынысларын айтты. Мәмлекетимиз басшысы бул бойынша тийисли жуўапкерлерге тапсырмалар берди.

 

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,

Матназар ЭЛМУРОДОВ,

Абдулазиз МУСАЕВ,

ӨзАның хабаршылары