2020-жыл даўамында Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы тәрепинен баҳасы 352,7 миллион АҚШ долларына тең өнимлердиң экспорты бажыхана режимине рәсмийлестирилип, 149,4 миллион АҚШ доллары муғдарындағы товарлардың импорты әмелге асырылған.

Мәмлекетимизде экспорт етиўши кәрханалар қоллап-қуўатланып, оларға кең имканиятлардың жаратылыўы нәтийжесинде, жыл даўамында 502,1 миллион АҚШ долларын қураған республикамыздың сыртқы саўда айланысының 70,2 проценти товарлар экспортына туўра келди.

Республикамыздан тийкарынан полиэтилен, артемия цистасы, гүнжи өнимлери, пахта талшығы, пропилен, боян тамыры ҳәм оның экстракты, ийирилген жип, кальцийлестирилген сода және тери өнимлери Қытай, Россия, Түркия, Қазақстан, Латвия, Украина сыяқлы бир қатар мәмлекетлерге экспортқа шығарылды.

Улыўма алғанда, технологиялық әсбап-үскенелер, химия санааты өнимлери, ағаш ҳәм тахтай, аўыл хожалығы ҳәм азық-аўқат өнимлери сыяқлы улыўма баҳасы 149 миллион 375 мың АҚШ долларына тең өнимлер басқарма тәрепинен импорт режимине рәсмийлестирилди.

– Сондай-ақ, жыл даўамында бажыхана басқармасы тәрепинен бажыхана төлемлеринен 244 миллиард 356 миллион сумлық қаржының мәмлекетлик бюджетке өткерилиўи тәмийинленди,-дейди басқарма қәнигеси Ю.Қудиярова. – Әмелдеги нызамшылық талапларына тийкарланып, исбилерменлик субъектлерине 2020-жыл даўамында 236 миллиард 780 миллион сум муғдарындағы бажыхана төлемлеринен жеңилликлер қолланылды.

Республикамызда жумыс ислеп турған сырқы экономикалық жумыс қатнасыўшыларына бажыхана төлемлеринен берилип атырған жеңилликлер, өз гезегинде, усы үнемленген қәрежетлердиң өз жумысларын және де кеңейтиўге, жаңа жумыс орынларын жаратыўға, халықтың абаданлығын тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Өткен жыл даўамында басқармаға қараслы бажыхана постлары арқалы 64113 темир жол вагонларының, 101681 автотранспорт қуралларының ҳәрекети көзден өткерилди.

Бажыхана тараўына байланыслы нызамшылықтың бузылыўы менен байланыслы 556 ҳуқықбузыўшылық анықланып, 15 миллиард 334 миллион сумлық товар-материаллық байлықлар айғақлы зат ретинде алып қойылды.

Соннан, улыўма баҳасы 223 миллион сумлық сапасы кепилленбеген темеки өнимлери бойынша 5 факт, 507 дана психотроп ҳәм күшли тәсир көрсетиўши дәрилер бойынша 3 факт, 5284,9 грамм (гашиш, марихуана, трамадол) сыяқлы нәшебентлик затлар, сондай-ақ, оқ атыўшы қуралларға кириўши 337 дана гильза, 15 дана дроблардың нызамсыз айланысы менен байланыслы 9 фактти атап өтиўимизге болады. Анықланған усы 17 факт бойынша жынаят иси қозғалды.

 

Ә.Жиемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги