Қараөзек районында «Депутат ҳәм жаслар» ушырасыўы өткерилди. Ушырасыўда Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжаты депутатлар, белсенди жаслар ҳәм ғалаба хабар қураллары ўәкиллериниң қатнасыўында терең додаланды.

Атап өтилгениндей, Мүрәжаттағы ири комплексли усыныслар, басламалар, терең анализленген жуўмақлар келешекке бағдарланған болып, мәмлекетимиздиң он жыллық тәғдирин шешиўши күшке айланбақта.

– Мүрәжатта әҳмийетли мәселелер қатарында, тез арада шешилиўи тийис болған кемшиликлер де атап өтилген еди,-дейди Халық депутатлары Қараөзек районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының баслығы Н.Тлеўмуратов. – Бунда ең дәслеп билимлендириўди, тәрбияны, илимди ҳәм инновацияларды раўажландырыў миллий идеямыздың тийкары болып хызмет етиўи тийис.

Илажда партияның алға қойған сайлаўалды бағдарламасындағы әҳмийетли ўазыйпалар бойынша жасларға толық мағлыўматлар берилди.

Қатнасыўшылар депутатлардан өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги