Өзбекстанда «самосуд»ты видеоға түсирип интернетте тарқатқан адам 22 миллион сумнан аслам жәриймаға тартылады. Бул ҳаққында ИИМ тергеў департаменти бөлим баслығы А.Долижўжаев мәлим еткен.

 

«Самосуд» процесин видеокөриниске түсирип, социаллық тармақларға жайластырып атырған болса, Жынаят кодексиниң 130 (прим)-статьясы, яғный зорлық ислетиў ямаса реҳимсизликти үгит-нәсиятлаўшы мағлыўматларды таярлаў, оны тарқатыў ямаса жайластырғаны ушын ҳәкимшилик жуўапкершилик белгиленген.

 

Бунда физикалық тәреплерге 100 есеге шекемги муғдарда, яғный 22 миллион сумнан аслам муғдарда жәрийма жазасы қолланылыўы, оның ҳәрекетлери жынаятты келтирип шығаратуғын болса 3 жылға шекемги тәртип дүзетиў жумыслары жазасы белгиленген, – деп айтып өткен А.Долижўжаев

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.