Усы жыл 15-январь күни Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесинде Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисине бағышланған дөгерек сәўбети болып өтти.

«Юксалиш» улыўма миллий ҳәрекети Қарақалпақстан Республикасы аймақлық бөлими менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда Олий Мажлис Сенатының ағзалары, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң, халық депутатлары қалалық ҳәм районлық Кеңеслериниң депутатлары, партия белсендилери ҳәм ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Илажда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң баслығы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Т.Романов, Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы У.Жалменов, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутаты Кеңесбай Каримов, республикалық Кеңес баслығының шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары И.Сейтназарова, депутатлар менен ислесиў бөлиминиң баслығы, юридика илимлериниң кандидаты Х.Кабулов Президентимиздиң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатының мазмун-мәнисине тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, бул Мүрәжат елимиздиң буннан былай да раўажланыўын, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў жолында түпкиликли бурылыс жасайтуғын әҳмийетли бағдарлама болды. Онда белгилеп берилген баслы ўазыйпалар, күтилип отырған нәтийжелер  Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңеси тәрепинен орынларда халыққа жеткерилип, үгит-нәсият жумыслары алып барылмақта.

Дүньяның раўажланған еллеринде мәмлекет басшысының парламент ағзалары алдында тийкарғы ҳәм әҳмийетли сиясий, социаллық-экономикалық мәселелер, жәмийетти демократиялық раўажландырыў бойынша Мүрәжат пенен шығыў тәжирийбеси бар. Президентимиздиң өткен жылы әмелге асырылған жумыслар ҳәм быйылғы жылға белгиленген ўазыйпалар бойынша Мүрәжаты айрықша қызығыўшылық пенен тыңланды.

Бул Мүрәжат халқымыздың ертеңги күнге болған исенимин беккемлеп, ҳәр биримизди ийгиликли мақсетлер жолында пидайылыққа, белгиленген ўазыйпаларды орынлаўға жуўапкершилик пенен қатнас жасаўға шақырады. Өйткени онда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмыстың барлық тараўларында жаңа басламалар менен айқын ўазыйпалар алға қойылған.

Мүрәжатта атап өтилгениндей, 2020-жылы  «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў» Мәмлекетлик бағдарламасына муўапық жаңа Өзбекстанды қурыў бойынша барлық тараўларда реформалар исенимли даўам еттирилди. Әсиресе, халықты социаллық қорғаў бағдарында үлкен бурылыс жылы болды, десек, асыра айтқан болмаймыз.

Коронавирус пандемиясы барлық тараўларға, соның ишинде туризмге өзиниң унамсыз тәсирин тийгизди. Соның нәтийжесинде тез пәт пенен раўажланып бюаратырған тараў әдеўир зыян көрди.

Бул бағдарда 2021-жылы да избе-из реформалар  даўам еттирилип, әсиресе, зыярат туризми ҳәм ишки туризмди раўажландырыўға айрықша итибар бериледи. Сондай-ақ, туризм объектлери жанындағы жер майданлары суў ҳәм жол инфраструктураларын жақсылаў ушын бюджеттен 1 триллион сум ажыратылады. Мәдений мийрас объектлерин сақлап қалыў бойынша кең көлемли үгит-нәсият жумыслары алып барылады.

Депутатлар менен сенаторларға өзлери сайланған аймақларында ушырасып атырған машқалалардың тийисли министрликлер, ҳәкимликлер тәрепинен қай дәрежеде шешилип атырғанын үйренип, қадағалап  барыў ўазыйпасы жүкленеди. Сондай-ақ, коррупцияға қарсы гүресиўде кең жәмийетшилик қатарында сиясий партиялар да белсене қатнасыўы талап етиледи

-Президентимиздиң Ҳаял-қызлардың жәмийетлик турмыстағы орны ҳәм абырайын арттырыў, оларға жаңа имканиятлар жаратыў  бойынша гезектеги қәдем сыпатында Республикалық Ҳаял-қызлар жәмийетлик кеңесин шөлкемлестириў бойынша усынысы көрсетилип атырған ғамқорлықтың ҳақыйқый  үлгиси болды,-дейди  республикалық Кеңес баслығының шаңарақ ҳәм ҳаял-қызлар мәселелери бойынша орынбасары Инжайым Сейтназарова,-Мүрәжатта атап өтилгениндей, орынлардағы Ҳаял-қызлар кеңеслери жумысына ҳәкимлердиң бул мәселелер бойынша  мәсләҳәтшилери басшылық етиўи ең дурыс жол болады.

Илажда бул әҳмийетли бағдарламаның мазмун-мәнисин халқымыз арасында кеңнен үгит-нәсиятлаў бойынша партия шөлкеми менен депутатлық бирлеспелердиң ўазыйпалары белгиленди.

Дөгерек сәўбети соңында партия қатарына жаңадан қабыл етилгенлерге ағзалық гүўалықлары тапсырылды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги