МҮНӘСИБЕТ

Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжаты Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикасы Кеңесиниң белсендилери, депутатлық корпусының ўәкиллери тәрепинен әҳмийетли бағдарламалық ҳүжжет сыпатында қабыл етилди.

Мүрәжатта алға қойылған идея ҳәм басламалардың партиямыздың сайлаўалды бағдарламасында белгиленген ўазыйпалар менен тығыз байланыслы екенлиги менен де әҳмийетли. Елимизде бала туўылғаннан баслап 30 жасқа шекемги дәўирде оны ҳәр тәреплеме қоллап-қуўатлайтуғын, турмыстан өзиниң ылайықлы орнын табыўы ушын жәрдем беретуғын бир тутас ҳәм үзликсиз система жаратыў мәселесин партиямыз толық қоллап-қуўатлайды. Бул жолда керекли ҳуқықый, экономикалық және социаллық негизлерди жаратыўға белсене қатнасады.

Жедел раўажланып баратырған бүгинги дәўир, елимизде пуқаралық жәмийетин қәлиплестириў процесинде алдымызда турған кең көлемли, соның менен бирге, өзин-өзи басқарыў уйымы деп аталған мәҳәлле институты тәрепинен жаңадан-жаңа ўазыйпаларды әмелге асырыў талап етилмекте. Усыларды есапқа алған ҳалда Президентимиздиң Мүрәжатында өзин-өзи басқарыў уйымларының жумысын жетилистириў, хызметкерлердиң материаллық тәмийнатын жақсылаў бойынша бағдарлама ислеп шығыў зәрүрлиги ҳаққындағы мәселениң көтерилиўи жәмийетте төменги буйыннан баслап ислесиў системасын дурыс шөлкемлестириўдиң әмелий механизми болып хызмет етеди.

Мүрәжатта кадрлар мәселесине де үлкен итибар қаратылған. Мәҳәлледе ислеп атырған тәжирийбели ҳәм интакер хызметкерлерди мәмлекетлик уйымлардың басшы лаўазымларына усыныў системасының әҳмийетли ўазыйпа сыпатында белгилениўи, халқымыздың арасынан шыққан, олардың күнделикли машқала ҳәм тәшўишлерин жақсы билетуғын, үлкен турмыслық тәжирийбеге ийе кадрлардың жетилисип шығыўына ҳәм олардың оларды қоллап-қуўатланыўына тийкар жаратады.

Улыўма алғанда, Мүрәжатта нәзерде тутылған ҳәр бир ийгиликли мақсет, әҳмийетли басламалар пуқараларымыздың мәмлекет ҳәм жәмийет турмысына қатнасыўын кеңейтиў арқалы оның раўажланыўы жолында хызмет ететуғынына беккем исенемиз.

 

Нурлыбай ҚАЙЫПБЕРГЕНОВ,

Өзбекстан «Адолат» социал-демократиялық

 партиясы Қарақалпақстан Республикасы

Кеңесиниң баслығы.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги