Нөкисте Қураллы күшлеримиз дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни кең түрде белгиленди.

Байрам илажы 14-январь күни пайтахтымыздағы «Ҳәсиретли ана» естелигине Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси менен Министрлер Кеңеси, Арқа-Батыс әскерий округи, ҳуқық қорғаў уйымлары, мийнет жәмәәтлери, оқыў орынлары, урыс ҳәм мийнет ветеранлары атынан гүл шеңберлерин қойыў менен басланды.

Буннан соң Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы ҳәм Қарақалпақстан Республикасы  Жоқарғы Кеңеси Президиумының қарары тийкарында сыйлықланған бир топар әскерий ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлерине мәмлекетлик сыйлықлар, орден ҳәм медальлар, көкирек белгилерин тапсырыў мәресими болып өтти.

Илажда  усы сыйлықлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.

Мәресимде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы, аймақлық әскерий-ҳәкимшилик секторы басшысы М.Камалов Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы  Ш.Мирзиёевтиң Өзбекстан Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен жоллаған байрам қутлықлаўын оқып еситтирип, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңеси атынан Ўатан қорғаўшылары күни байрамы менен қутлықлады.

Қутлықлаўда атап өтилгениндей, өткен қысқа дәўирде жаңа Қорғаныў доктринасы қабыл етилди, әскерий структуралардың қурамы ҳәм ўазыйпалары терең қайта көрип шығылды, әскерлерди басқарыў системасы жетилистирилди, миллий армиямызды заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника қураллары менен тәмийинлеў бойынша оғада әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылды.

Тарийхымызда биринши мәрте өз мәнисине бола айрықша система – әскерий-ҳәкимшилик секторлар шөлкемлестирилди. Бундай жумыс усылы орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын мәмлекетимиздиң қорғаныў қүдиретин беккемлеўге жедел тартыў ушын имканият берди.

Қорғаныў қәбилетимизди беккемлеў, әскерлерди заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникалар менен тәмийинлеў, бөлимлерди басқарыўда мәлимлеме технологияларын кеңнен қолланыў, жаўынгерлик таярлық ҳәм кәсиплик шеберликти арттырыў буннан кейин де тийкарғы ўазыйпаларымыз болып қалады.

Атап өтилгениндей, ҳүрметли Президентимиздиң басшылығында, елимиздиң қорғаныў потенциалын күшейтиў, Қураллы Күшлерди беккемлеў, әскерий хызметкерлерди материаллық ҳәм руўхый жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша көп жумыслар әмелге асырылмақта. Әскерий хызметкерлер ҳәм ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери мәмлекетимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, оның қорғаныў қүдиретин ҳәм әскерий-техникалық потенциалын жоқарылатыў, мәмлекеттиң қәўипсизлигин ҳәм шегараларымыздың қол қатылмаслығын тәмийинлеўде аянбай хызмет етпекте.

Елимизде жаратылған имканиятлар нәтийжесинде, 2020-жылы жергиликли бюджет есабынан 20 объектте 6 миллиард 556 миллион сумлық қурылыс жумыслары исленди. Әскерий сектор ушын 9 миллиард сум ажыратылды. Сондай-ақ, әскерий ҳәм Миллий гвардия хызметкерлерине 90 квартиралы 3 турақ жай тапсырылды.

Қорғаныў министрлиги тәрепинен 2 объектте 15 миллиард сумлық ири оңлаў жумыслары алып барылды.

2021-жыл ушын Жоқарғы Кеңестиң қарары менен «Жол картасы» ислеп шығылды. Бул арқалы объектлерде жәми 11 миллиард 500 миллион сумлық қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылады.

Буннан соң Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында көркем өнер ғайраткерлери ҳәм жас атқарыўшылардың «Ким Ўатанға садық болса, сол мендурман» атамасындағы концерт бағдарламасы қойып берилди.

Илажға Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң депутатлары, ҳүкимет ағзалары, ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, офицер ҳәм сержантлар, әскерий хызметкерлер ҳәм олардың шаңарақ ағзалары, кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

 

Ә.ЖИЕМУРАТОВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы