Усы жыл 14-январь күни Нөкис олимпиада резервлери колледжинде 2020-жыл даўамында жетискенликке ерискен колледж спортшыларын сыйлықлаў мәресими өткерилди.

Оған колледж жәмәәти, спортшы жаслар, устаз тренерлер ҳәм спортшылардың ата-аналары қатнасты.

– Колледжимиз 2004-жылы ашылған болып, оқыў имараты 600 орынға мөлшерленген.  2020-2021-оқыў жылында колледжимизде  485 оқыўшы спорттың  19 түри менен шуғылланбақта,- дейди Нөкис олимпиада резервлери колледжи директоры Азамат Турданов. -2020-жылы колледжимиз оқыўшылары республикалық ҳәм халықаралық спорт жарысларында бир қанша жақсы нәтийжелерге еристи. Атап айтқанда, республикалық чемпионат ҳәм кубоклерде 127 медаль, Жәҳән кубогинде 1 медаль (жәми 128 медаль) алыўға еристи. Быйыл спортшыларымыз еле де өз үстинде ислеп, республикалық  чемпионат ҳәм халықаралық көлемдеги жарысларда буннан да жоқары көрсеткишлерге ериседи деген нийеттемиз.

– Колледжде жаслар ушын барлық шараятлар жаратылған. Балам Муса Айтмуратов спорттың қылышласыў түри менен шуғылланады. Өткен жылы 11-21-декабрь күнлери аралығында Ташкент қаласында өткерилген Өзбекстан кубогинде биринши орынды ийеледи. Ҳәзирги күнде Ташкент қаласында сайланды команда қурамында келеси жарысларға таярлық көрмекте, – дейди спортшының анасы Гүлжамила Меңлибекова. – Усындай жетискенликке ерисиўинде тренери Руслан Султановтың мийнетлери айрықша.

Илажда спортшы жасларға колледж жәмәәти тәрепинен таярланған арнаўлы спорт кийимлери, естелик саўғалар тапсырылды.

Колледж директоры Өзбекстан Республикасы денетәрбия ҳәм спорт министрлиги тәрепинен «Алғыснама» менен сыйлықланды.

 

Т.СЕЙТНАЗАРОВА,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы