Ҳүрметли әскер ҳәм сержантлар, офицер ҳәм генераллар!

Қураллы Күшлеримиздиң ветеранлары!

Ҳүрметли ўатанласлар!

Бәринен бурын, сиз, әзизлерди, сизлер арқалы пүткил халқымызды Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен шын жүрегимнен қызғын қутлықлайман.

Бул қутлы әййям шын мәнисиндеги улыўма халықлық байрамға, бурыннан халқымызға тән болған ўатансүйиўшилик, мәртлик ҳәм ерлик сыяқлы жоқары пазыйлетлердиң тымсалына айланып баратырғанлығы ҳәммемизди қуўандырады.

Миллий армиямыздың күш-қүдирети ер жүрек ҳәм ҳәр исте жетик потенциаллы әскерий хызметкерлеримиздиң, кеңпейил ҳәм уллы халқымыздың бирлиги ҳәм аўызбиршилигинде екенлигин атап өтиў керек.  Бул ҳақықыйқатты бүгинги күнде ҳәр қашанғыдан да терең сезинбектемиз.

Әне усындай уллы мәнаўий күш-қүдирет дәреги бар екен, ел-журтымыздың тыныш турмысы, Ўатанымыздың ғәрезсизлигине ҳеш қандай жаўыз күш қәўип туўдыра алмайтуғынына, демократиялық реформаларымыз жолынан ҳеш қашан артқа қайтара алмайтуғынына исенимим кәмил.

Биз батыр ҳәм дәў жүрек әскерлеримиз бенен – өзиниң муқаддес антына садық қалып, хызмет ўазыйпасын жерде де, көкте де минсиз атқарып атырған елимиздиң мәрт уллары менен ҳақылы түрде мақтанамыз.

Пурсаттан пайдаланып, Қураллы Күшлеримиздиң қатарларында хызмет етип атырған қорықпайтуғын ҳәм ҳақыйқый ўатансүйиўши әскер ҳәм офицерлердиң  ата-аналарына,  сондай-ақ, әскерий турмыстың пүткил қуўанышлары менен тәшўишлерин өмирлик жолдаслары менен бөлисип киятырған меҳрибан ҳәм сабыр-тақатлы  өмирлик жолдасларына үлкен миннетдаршылық билдиремен.

 Биз сизлердиң тымсалыңызда миллий армиямызға таўдай сүйениш болып турған уллы мәнаўий күшти көремиз. Бүгинги уллы әййямда сизлердиң де Ўатанымыздың қорғаныў қүдиретин арттырыўда мүнәсип үлесиңиз бар екенлигин және бир мәрте үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтемиз.

Қәдирли дослар!

Биз буннан төрт жыл бурын Өзбекстанда әскерий қурылыс тараўын түп-тийкарынан реформалаў бойынша ең әҳмийетли ҳәм тийкарғы бағдарларды белгилеп алған едик. Усы тийкарда мәмлекетимиздиң қорғаныў қәбилетин беккемлеў ҳәм Қураллы Күшлеримизди раўажландырыў ушын кең көлемли жумысларды әмелге асырмақтамыз.

Өткен қысқа дәўирде жаңа Қорғаныў доктринасы қабыл етилди, әскерий структуралардың қурамы ҳәм ўазыйпалары терең қайта көрип шығылды, әскерлерди басқарыў системасы жетилистирилди, миллий армиямызды заманагөй қурал-жарақ ҳәм техника қураллары менен тәмийинлеў бойынша оғада әҳмийетли жойбарлар әмелге асырылды.

Тарийхымызда биринши мәрте өз мәнисине бола айрықша система – әскерий-ҳәкимшилик секторлар шөлкемлестирилди. Бундай жумыс усылы орынлардағы мәмлекетлик ҳәкимият уйымларын мәмлекетимиздиң қорғаныў қүдиретин беккемлеўге жедел тартыў ушын имканият берди.  Ең әҳмийетлиси, «Армия ҳәм халық – бир тән, бир жан болып есапланады» деген уллы идеяны әмелде тәмийинлеўге хызмет етпекте.

Әне усындай ҳәрекетлеримиздиң нәтийжесинде бүгинги күнде Өзбекстан Қураллы Күшлери республикамыздың ғәрезсизлигин, халқымыздың тыныш турмысын исенимли қорғаўдың шын мәнисиндеги кепиллиги болмақта.

Ең тийкарғысы, миллий армиямыз ҳәр қандай қарама-қарсылық ҳәм қәўип-қәтерге қарсы мүнәсип соққы бере алатуғын ел-журт таянышы ҳәм сүйенишине, жаслар ҳәм әскерий хызметкерлерди ўатансүйиўшилик ҳәм

садықлық руўхында тәрбиялаўдың әҳмийетли институтына айланды.

Әлбетте, өткен 2020-жыл дүньядағы барлық мәмлекетлер қатары мәмлекетимиз ушын да әҳмийетли сынақлар жылы болды. Биз коронавирус пандемиясының қәўипине, сондай-ақ, Бухара ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында күтилмеген тәбийғый ҳәм техноген апатшылықларға дус келдик.

Әне усындай оғада кескин жағдайда Қураллы Күшлеримиз саҳыпқыран Әмир Темур бабамыздың  «Миллеттиң дәртине дәрмен болмақ – шын ўазыйпаңыз»,  деген жақсы сөзин өзине сүрен етип алды.

Олар халқымызға және де жақын болып, мобилизицияны арттырып, қысқа мүддетлерде өз алдына қойылған әҳмийетли ўазыйпаларды мүнәсип атқарғанын ҳәммемиз шексиз миннетдаршылық пенен атап өтемиз.

Әсиресе, бул процессте әскерий шыпакер ҳәм хызметкерлеримиз, ҳуқық-қорғаў уйымлары ҳәм қутқарыў хызметиниң хызметкерлери ҳақыйқый мәртлик және ерлик үлгисин, жоқары кәсиплик шеберликти көрсеткенлиги айрықша итибарға ылайық болып есапланады.

Бундай қыйын жағдайда Қураллы Күшлер Әскерий медициналық академиясының дүзилгени халықтың саламатлығын ҳәм турмысын қорғаў бағдарында алдымызға қойылған әҳмийетли ўазыйпаларды тез ҳәм нәтийжели шешиў имканиятын береди.

Регионымызда бирден-бир болған бул жаңа академия әскерий медицина тараўында, айрықша жағдайлар ақыбетлерин сапластырыўда қатнасатуғын жоқары маманлықтағы ҳәм қәнигелескен кадрлар таярлаўға хызмет етеди.

Академияда дүнья стандартларына сай инновациялық қолланбалар және алдынғы технологияларға тийкарланған оқыў-лаборатория ханалары ҳәм ең заманагөй материаллық-техникалық база жаратылмақта.

Миллий армиямыздың шөлкемлестириўшилик структураларын жетилистириў бойынша қабыл етилген илажлар әскерлердиң жаўынгерлик таярлығы, әскерий күш-қүдирети ҳәм потенциалын буннан былай да арттырыў имканиятын берди.

Палўан ҳәм батыр улларымыз халықаралық әскерий-оқыў шынығыўлары, армия ҳәм спорт жарысларында дүньядағы жетекши мәмлекетлердиң әскерий хызметкерлерине ҳаслан бос келмей, жеңиске болған ерк-ықрарын айқын көрсетип, уллы ата-бабаларымыздың мүнәсип мийрасхорлары екенлигин дәлиллемекте.

Ҳүрметли ўатанласлар!

Биз глобал экономикалық кризис тәсирине қарамастан, әскерий хызметкерлеримиз ҳәм олардың шаңарақ ағзаларын социаллық қоллап-қуўатлаў, әскерий қалашаларды абаданластырыў, оларда заманагөй инфраструктуралар қурыў бойынша системалы жумысларымызды избе-из даўам еттирип атырмыз.

Әскерий хызметкерлердиң шаңарақ ағзалары ушын қосымша түрде көплеген жаңа жумыс орынлары жаратылды. 3 мыңнан аслам әскерий пенсионерлер жумысқа жайластырылды. Әскерий хызметкерлердиң мыңнан аслам перзентлерине жоқары оқыў орынларында билим алыўы ушын мәмлекетлик грантлар ажыратылды.

Ҳеш гүмансыз,  Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылында бул бағдардағы жумысларымызды буннан былай да күшейтип, улыўма жаңа басқышқа көтеремиз.

Жақында болып өткен Өзбекстан Жаслары форумында, Олий Мажлис ҳәм халқымызға жоллаған Мүрәжатымызда да бул бағдардағы илажларды анық белгилеп бердик.

Жаңа Өзбекстанда жас әўладтың физикалық ҳәм мәнаўий саламат, Ана Ўатанға пидайы ҳәм жанкүйер инсанлар болып өсиўи, уллы тарийхымыздан ибрат алып, оннан мақтанып жасаўы ушын барлық күш ҳәм имканиятымызды толық мобилизациялаймыз.

Жәҳәнде идеологиялық гүреслер кескин түс алып атырған, мәлимлеме орайында түрли қәўип-қәтер ҳәм қарама-қарсылықлар барған сайын артып баратырған ҳәзирги шараятта ҳәммемиз бәрқулла қырағы ҳәм сергек, жедел пуқаралық позициясына ийе болыўымыз керек.

Әсиресе, адасып, жат идеялар тәсирине түскен шахслар ҳәм олардың перзентлеринде идеологиялық иммунитетти қәлиплестириў ҳәм оларды саламат турмыс тәризине, дурыс жолға қайтарыўда әскерий хызметкерлеримиз мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлер менен биргеликтеги жумысларды буннан былай да күшейтиўи зәрүр.

Ҳүрметли мәрт ҳәм ер жүрек Ўатан қорғаўшылары!

Бүгин дүньяның алыс ҳәм жақын регионларында қыйын келиспеўшиликлер ҳәм соқлығысыўлар даўам етип атырған бир ўақытта жанажан Өзбекстанымызда тынышлық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бағдарындағы жумысларымызды және де нәтийжели шөлкемлестириўимиз шәрт.

Атап айтқанда, қорғаныў қәбилетимизди беккемлеў, әскерлерди заманагөй қурал-жарақ ҳәм техникалар менен тәмийинлеў, бөлимлерди басқарыўда мәлимлеме технологияларын кеңнен қолланыў, жаўынгерлик таярлық ҳәм кәсиплик шеберликти арттырыў буннан кейин де тийкарғы ўазыйпаларымыз болып қалады.

Ҳеш гүмансыз, биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен әне усындай жақсы мақсет ҳәм шеклерге ерисиўге, халқымыздың тыныш мийнет етиўин, абадан турмысын, елимиздиң ашық аспанын көздиң қарашығындай қәстерлеп сақлаўға ҳәр тәреплеме уқыплымыз.

Ҳүрметли дослар!

Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни менен сиз, әзизлерди ҳәм шаңарақ ағзаларыңызды және бир мәрте шын жүректен қутлықлайман.

Ҳәммемиңизге беккем денсаўлық, шаңарағыңызда бахыт, мақтанышлы ҳәм жуўапкершиликли жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.

Халқымыздың жоқары исеними ҳәм ҳүрмети сизлерге ҳәмийше яр болсын!

Шавкат МИРЗИЁЕВ,

Өзбекстан Республикасы Президенти,

Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы