Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Мәмлекетимиздиң ғәрезсизлигин беккемлеў, оның қорғаныў қүдиретин ҳәм әскерий-техникалық потенциалын жоқарылатыў, мәмлекеттиң қәўипсизлигин ҳәм шегараларымыздың қол қатылмаслығын тәмийинлеў, профессионал миллий армияны қәлиплестириў ҳәм абырайын арттырыўдағы үлкен хызметлери, жәмийетте тынышлық-татыўлық және жәмийетлик тәртипти сақлаў, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин, нызамлы мәплерин қорғаў бағдарындағы жемисли мийнети, даңқлы ҳәм муқаддес миннетин атқарыўда мәртлик, ерлик ҳәм пидайылық көрсеткени, жасларды ўатанды сүйиўшилик ҳәм ана ўатанға садықлық руўхында тәрбиялаў, жоқары шеберликке ийе кадрларды таярлаў жумысларына қосқан мүнәсип үлеси ушын төмендегилер сыйлықлансын:

Қарақалпақстан Республикасы бойынша:

«Жасорат» медалы менен

Мухаммадиев Рустам Идрисович-Өзбекстан Республикасы Айрықша жағдайлар министрлиги Қарақалпақстан Республикасы Хожели районы айрықша жағдайлар бөлими баслығы

«Соғлом турмуш» медалы менен

Матқурбанов Сардор Балтабаевич-Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги әскерий округ Нөкис әскерий госпиталы баслығы

«Шуҳрат» медалы менен

Эргашев Асқар Тураевич-Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министрлиги «Нөкис» халықаралық аэропортында қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша айрықша батальоны қадағалаўшысы

Өзбекстан Республикасы

Президенти                                           Ш.МИРЗИЁЕВ

Ташкент қаласы,

2021-жыл 12-январь