Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Нөкис қалалық Кеңеси тәрепинен «Лидерлер мектеби» жойбары тийкарында партия белсендилери менен жасларының қатнасыўында Өзбекстан қаҳарманы, балалар шыпакери, акушер-гинеколог Онесия Сайтова менен ушырасыў кешеси өткерилди.

Онесия Сайтова өз өмири даўамында шыпакерлик антына садық болып, ҳәр қандай қыйын шараятта да халқымыздың нәрестелерин дүньяға келтирип, ана ҳәм бала өмирин сақлап қалыўда өзиниң салмақлы үлесин қосып, нәрестелерге өмир, аналарға қуўаныш бағышлап, халықтың алғысына бөленген қаҳарман шыпакер.

– Партияның ис режесинде жасларымыздың жетекшилик қәбилетлерин жүзеге шығарыў, олардың сиясий, хуқуқый билимлерин беккемлеў, соның менен бирге, партияның кадрлар ҳәм депутатлыққа талабанлар базасын жаслар есабынан қәлиплестириў мақсетинде «Лидерлер мектеби» жойбары тийкарында ҳәр тәреплеме үлги алса арзыйтуғын, шаңарақта ҳәм жәмийетте мол тәжирийбеге ийе, мәмлекетимиздиң раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосып киятырған, пидайы кәсип ийелериниң жаслар ҳәм партия белсендилери менен ушырасыўы, сәўбетлесиў өткерилиўи белгиленген,-дейди партияның  Нөкис қалалық Кеңеси хызметкери Г.Джумагулова.

Ушырасыў даўамында қатнасыўшылар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алып, қаҳарман шыпакердиң өмир жолы, кәсиплик шеберлиги, мийнет тәжирийбеси менен жақыннан танысты.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги