Ҳәзирги ўақытта Өзбекстан пуқаралары арасында интернет сайтларындағы рекламалар арқалы қысқа ўақыттың ишинде пул табыўды усыныс етип атырған шөлкемлердиң жалған мағлыўматларына исенип, өзлериниң пулларын сырт еллерге өткерип жибериў жағдайлары ушыраспақта.

 

Бунда тийкарынан интернет пайдаланыўшысы пул табыў ҳаққындағы рекламалар менен танысып, шөлкемлерге сораў қалдырады. Қысқа ўақыттың ишинде «А» исимли адам пайдаланыўшы менен байланысады ҳәм саўда майданшасына (FOREX платформалары) кириўди тәмийинлеў, халықаралық қаржы базарындағы саўда бойынша аналитикалық мағлыўматлар ҳәм мәсләҳәт бериў усынысы менен белгили бир муғдарда сырт ел валютасында инвестиция киргизиўди сорайды.

 

Пул өткерилгеннен соң, шөлкем хызметкери – аналитик тәрепинен аралықтан еркин пайдаланыў бағдарламасын (Any Desk) орнатыў соралады ҳәм бул бағдарлама орнатылғаннан соң ол арқалы платформадағы саўдаларға қатнасылады. Инвестиция киргизген пуқара платформада өз қаржысының өсиўин көреди ҳәм көбейген пулларын шешиўге қарар еткенде, аналитик усы пулларды шешип бермейди ҳәм ҳәр қыйлы себепли көрсетип, улыўма байланысқа шықпайды.

 

Буннан соң пуқара тәрепинен брокерлик компаниясының жеке кабинетине кирген ҳалда пулларды шешиў бойынша сораўлар жиберилгенде «күтилмекте» статусы көрсетиледи.

 

Жоқарыдағылардан келип шығып, Орайлық банк пуқараларымызды алдаўшылардың ҳийлелерине исенип қалмаў ушын сергек болыўға шақырады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.