Ҳәзирги ўақытта елимизде 2 ҳәм 14 жасқа толмаған балалары болған кем тәмийинленген шаңарақларға напақа және материаллық жәрдем Министрлер Кабинетиниң 2019-жыл 13-апрельдеги «Халықты социаллық қорғаў системасын мәкемелер аралық электрон өз ара бирге ислесиўди қолланған ҳалда жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары тийкарында тастыйықланған Кем тәмийинленген шаңарақларға «Социаллық қорғаў бойынша бирден-бир реестр» мәлимлеме системасы арқалы социаллық напақалар ҳәм материаллық жәрдем белгилеў және төлеў тәртиби ҳақкындағы ўақытша устав тийкарында белгиленеди.

 

Өзбекстан Республикасының пуқаралары, елимизде турақлы жасап атырған сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған адамлар напақалар ҳәм материаллық жәрдем белгилеўди сорап арза тийкарында мүрәжат етиўи мүмкин.

 

Пуқара арзаны турақлы ямаса ўақытша жасаў орны (прописка орны) бойынша тапсырады ҳәм оған паспорт нусқасы, неке ҳаққындағы гүўалық және баланың туўылғаны ҳаққындағы гүўалығы қосымша етиледи.

 

Ўақытша уставтың 7-бәнтине муўапық, усы түрдеги напақа ҳәм материаллық жәрдем улыўма айлық дәраматы ҳәр бир шаңарақ ағзасына бөлистирилгенде, мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдарының орташа 0,527 есесинен (358 007 сум) артық болмаған муғдарда туўра келетуғын шаңарақларға белгиленеди.

 

Тийисли социаллық напақа ямаса материаллық жәрдем белгилеў бийкар етилетуғын жағдайлар да бар. Яғный:

 

А) арза бериўши шаңарағының ҳәр бир ағзасына туўра келетуғын орташа айлық дәраматтың ўақытша уставтың 7-бәнтинде көрсетилген белгиленген нормадан артықлығы;

 

Б) арза бериўши ямаса оның шаңарақ ағзаларында көшпес мүлктиң болыўы (арза бериўши прописка етилген орындағы көшпес мүлк буған кирмейди);

 

В) арза бериўши ямаса оның шаңарақ ағзаларында еки ямаса оннан аслам автотранспорт болыўы;

 

Г) арзада усынылған мағлыўматлардың ҳақыйқатқа туўра келмейтуғынлығының анықланыўы;

 

Д) дәраматлардың рәсмий дәреклерине ийе болмаған ҳәм мийнет бойынша уйымларда есапта турмаған ямаса ҳақы төленетуғын жәмийетлик жумыслар қатнасыўшысы болмаған шаңарақтың мийнетке жарамлы ағзасының болыўы себепли арза бийкар етиледи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.