Усы жыл 510-январь күнлери республикамыздың барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 910-11-класс оқыўшылары арасында пәнлер олимпиадасының  III басқышы өткерилип, оған 9-класстан  483, 10-класстан 481, 11-класстан  441 оқыўшы қатнасты ҳәм өз билимлерин сынақтан өткерди.

Солай етип, пәнлер олимпиадасының жуўмағында жеңипазлар анықланды.

Соннан ҳәр бир пән бойынша 135 оқыўшы жеңимпаз деп табылды

Олимпиаданың сыйлы орынлары саны  бойынша  биринши бесликке Нөкис қаласы, Төрткүл, Қоңырат, Беруний, Әмиўдәрья  районлары киргизилди.

Сондай-ақ, олимпиада да физика, химия, биология, математика ҳәм информатика пәнлериниң  ҳәр биринен  1 ҳәм 5-орынларды ийелеген оқыўшылар халықаралық пәнлер олимпиадасының таңлаў басқышларына қатнасыў имканиятын қолға киргизди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги