Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Мәмлекетлик финанслық қадағалаў департаменти ҳәм оның аймақлық басқармалары тәрепинен 2020-жылы бюджет қаржыларының мақсетли сарпланыўы бойынша әмелге асырылған қадағалаў жумыслары ҳаққында мағлыўматлары жәрияланды.

 

Жергиликли бюджетлер қаржыларының мақсетли сарпланыўы бойынша өткерилген қадағалаў илажларында Өзбекстан бойлап улыўма 175,3 миллиард сум муғдарында кемис сумма ҳәм нызамбузыўшылық жағдайлары анықланған. Бюджет пулларын ең көп тийкарсыз ҳәм кемшиликлер менен сарплаған ҳәкимликлер арасында Қашқадәрья жетекши болған (26,1 миллиард сум).

 

Мағлыўматта көрсетилиўинше, Қарақалпақстан Республикасында 8,1 миллиард сумлық нызамбузыўшылық жағдайлары ҳәм кемшиликлер анықланған.

 

Хабарда жазылыўынша, 2020-жылы Өзбекстан бойынша бюджет мәкемелеринде өткерилген қадағалаў илажларында 54,5 миллиард сум муғдарында нақ пул қаржыларын өзлестириў (банктен алынған нақ пулды шөлкемниң ғазнасына кирис етпеў, жумыс ислемеген адамларға мийнет ҳақы есапланып, төлениўи ҳәм басқалар) жағдайлары анықланып, бул нызамбузыўшылық жағдайлары өткен жылға салыстырғанда (2019-жылы бул көрсеткиш 7,2 миллиард сумды қураған) 7,5 есеге көбейген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.