1997-жыл үлгисиндеги 200 сумлық,  1999-жыл үлгисиндеги 500 сумлық банкнотлар  2020-жыл 1-июльдан нызамлы төлем қуралы сыпатында өз күшин жойытқан. Олардың орнына болса 2018-жылдан берли  200 ҳәм  500 сумлық тийинлар турақлы түрде айланысқа шығарылмақта.

2020-жыл 1-июльдан берли ески үлгидеги  50, 100, 200 ҳәм 500 сумлық тийинлар ҳәм банкнотлар тек Орайлық банктиң аймақлық Бас басқармалары Есап-санақ касса орайлары тәрепинен алмастырылып берилмекте.

Пуқаралардың қолында елеге шекем ески үлгидеги тийин ҳәм банкнотлар бар екенлиги  себепли, Орайлық банк басқармасының 2021-жыл 9-январьдағы қарары менен оларды әмелдеги пул белгилерине алмастырып бериўдиң соңғы мүддетти етип – 2022-жыл 1-январь белгиленди.

Ески үлгидеги пулларды Орайлық банктиң орынлардағы Есап-санақ касса орайларында алмастырыў мүмкин.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги