Мүнәсибет

Мәмлекетимиз басшысы 2020-жыл 29-декабрь күнги Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында жыл даўамында ерисилген нәтийжелерди терең талқылап, келеси жылғы режелер бойынша усынысларын билдирди.

2021-жыл – Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы, деп жәрияланды.

Президент Мүрәжатында 41 тараў бойынша ҳәр қыйлы мәселелер додаланған болса, соннан, халықтың кем тәмийинленген қатламына жәрдем көрсетиў мәселеси де айрықша әҳмийетке ийе.

Пандемия дәўириндеги халықтың шараяты, оларды күнделикли саламат турмысқа қайтарыў және «темир дәптер»ге киргизилген пуқараларға ҳәр тәреплеме жәрдем бериў, топланып қалған машқалаларды шешиў бойынша бир қатар усыныслар билдирилди. Барлық ғалаба хабар қураллары арқалы «Президент қарарлары – турмыста ҳәм қадағалаўда», атамасында көрсетиўлер таярлаў, шығып сөйлеўлерди шөлкемлестириў менен халқымызға реформалардың мазмун-мәнисин, әҳмийетин, сондай-ақ, нәтийжелерин жеткерип барыў системасы жолға қойылатуғын болды.

Ендигиден былай, пуқаралар жыйынлары баслықлары ҳәм орынбасарларының ўәкиллиги кеңейтилип, оларға халықтың машқалаларын тиккелей шешиў мүмкиншилигин беретуғын имканиятлар жаратылады. Бунда, мәҳәллелердеги жәрдемге мүтәж, «темир дәптер»деги пуқараларға 30 дан аслам социаллық хызметлер электрон тәризде көрсетилиўи жолға қойылады.

Усы жыл 1-мартттан баслап халықтың минимал тутыныў қәрежетлери жәрияланады. «Темир дәптер»ге киргизилген ҳәр бир шаңарақты кәмбағаллықтан шығарыў ушын жаңа механизм иске түседи.

Мәмлекетлик бюджеттен усы социаллық жәрдемге мүтәж пуқараларға қаржы ажыратылады. «Темир дәптер»деги ҳәр бир пуқараны кәмбағаллықтан шығарыў бойынша 1000 нан аслам оқыў орайлары шөлкемлестириледи ҳәм оқыў курсына келген ҳәр бир пуқараға  1 миллион сумға шекемги субсидиялар бериледи. Ўақтынша жумыссызлық напақасы 3 есеге арттырылады. Бюрократлық тосқынлықларды сапластырыў мақсетинде 6 ҳүжжет бийкар етилди.

Буның барлығы әмелге асса, халқымыздың турмысы әдеўир жақсыланады, әлбетте. Буның ушын ҳәр бир пуқаралар жыйынларының баслықлары, ҳәр бир пуқара «бир жеңнен қол, бир жағадан бас шығарып», реформалардың нәтийжели әмелге асыўы ушын ҳәрекет етиўимиз керек.

 

Гулистан Бердиниязова,

«Қутлы қоныс» МПЖ баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги