Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм Ўатан қорғаўшылары күни байрамы алдынан Елликқала районы Қорғаныў ислери бөлиминиң имараты пайдаланыўға тапсырылды. 

Илажда райондағы тийисли мәкемелердиң басшылары, Қураллы Күшлер тараўының ветеранлары, қорғаныўға көмеклесиўши «Ватанпарвар» шөлкеминиң ўәкиллери ҳәм жаслар қатнасты.

Имараттың ашылыў салтанатында район ҳәкими, районлық әскерий-ҳәкимшилик секторының басшысы С.Авезов, Арқа-батыс әскерий округиниң жуўаплы офицери, подполковник Ж.Базаров, Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының баслығы ўазыйпасын ўақтынша атқарыўшы,  подполковник Қ.Исламов шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Президенти, Қураллы Күшлер Жоқарғы Бас Сәркардасы  Ш.Мирзиёевтиң басшылығында елимиздиң қорғаныў қүдиретин беккемлеў бағдарында әмелге асырылып атырған кең көлемли илажлар, Ўатан қорғаўшыларына жаратылып атырған шараятларға тоқтап өтти.

Атап өтилгениндей, жаслардың армия  ҳәм әскерий Ўатанды сүйиўшилик туўралы дәслепки түсиниклери Қорғаныў ислери бойынша басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлеринде қәлиплеседи. Елликқала районлық Қорғаныў ислери бөлиминиң имараты 1987-жылы пайдаланыўға тапсырылған болып, бул жерде хызметкерлер ушын жетерли шараятлар жаратылмаған еди. Бүгинги күни әскерий тараўға қаратылып атырған айрықша итибар нәтийжесинде имаратқа жергиликли бюджет есабынан 740 миллион қаржы ажыратылып, қайта оңлаў жумыслары алып барылды. Нәтийжеде хызмет бөлмелери, спорт залы ҳәм асхана  заманагөй миллий дизайн тийкарында оңланып, зәрүр үскенелер менен тәмийинленди.

Илажда район ҳәкими, районлық әскерий-ҳәкимшилик секторының басшысы С.Авезовқа Арқа-батыс әскерий округиниң ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Қорғаныў ислери басқармасының Алғыснамасы тапсырылды.

Қатнасыўшылар имаратта жаратылған шараятлар ҳәм әскерий оқыў қурал-жарақларының көргизбеси менен танысты. Сондай-ақ болажақ әскерлердиң көргизбели шығыўлары болды.

 

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы