Президент Шавкат Мирзиёев 11-январь күни Жиззақ ўәлаятынан қайтып келгеннен соң, инвестициялық жойбарлардың презентациясы менен танысты.

Дәслеп, 2021-жылы коммерциялық банклер тәрепинен әмелге асырылатуғын ири инвестициялық жойбарлар ҳаққында мағлыўмат берилди.

Мәмлекетимизде заманагөй технологияларды тартқан ҳалда экспортқа жарамлы ҳәм импорттың орнын  басатуғын өнимлер ислеп шығарыўға үлкен итибар қаратылмақта. Атап айтқанда, коммерицялық банклер тәрепинен 2021-жылы  120 триллион сум муғдарындағы ири инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў нәзерде тутылған.

Буннан тысқары, қурылыс материаллары, жеңил санаат, аўыл хожалығы, нефть-химия, машина қурылысы ҳәм басқа да тармақларда баҳасы дерлик 1 миллиард доллар болған 14 ири инвестициялық  жойбар ислеп шығылған.

Мәселен, Сырдәрья қаласында жумыс ислеп атырған полиэтилен қалта ҳәм жеңил контейнерлер ислеп шығарыў кәрханасында  2 мыңға шамалас адам мийнет етпекте. Буның даўамы сыпатында, Өзсанаатқурылыс банк тәрепинен «спанбонд-мелтблаун» тоқыма емес гезлемелерди ислеп шығарыўға қаратылған 94 миллион долларлық жойбар режелестирилген.

Улыўма айтқанда, жаңа жойбарлар нәтийжесинде арнаўлы техникалар, полиметалл өнимлер, геосинтетикалық материаллар, минерал пахта тийкарында қурылыс плиталары, қубыр, айна ҳәм басқа өнимлер  таярлаўды жолға қойыў, мийўе-овощ жетистириў  кластерлери және киши санаат зоналарын шөлкемлестириў  нәзерде тутылған.

Мәмлекетимиз басшысы жойбарларды аймақлардың социаллық-экономикалық потенциалынан келип шығып, ақылға уғрас жайластырыў, санаат инфраструктурасын жақсылаў, кластер ҳәм технопарклер шөлкемлестириў бойынша  көрсетпелер берди.

Президент Шавкат Мирзиёевқа, сондай-ақ, пайтахтымызда инвестициялық жойбарлардың әмелге асырылыўы бағдарында мағлыўмат берилди. Ташкент қаласын социаллық-экономикалық раўажландырыў бағдарламасына тийкарланып  2020-жылы қаржыландырыўдың барлық дәреклери есабынан 3,7 миллиард доллар инвестиция өзлестирилгенлиги атап өтилди. Баҳасы 11 триллион сумнан аслам 306 жойбар пайдаланыўға тапсырылып, дерлик  13 мың жаңа жумыс орны жаратылған.

Мысал ушын, Бектемир районындағы «ДСК Бинокор» жуўапкершилиги шекленген жәмийет 504 миллиард сумлық инвестиция есабынан темир-бетон өнимлер, Сергели  районындағы «Bek Mega Textile» кәрханасы 119 миллиард сумлық инвестиция есабынан тоқымашылық товарларын ислеп шығарыўды шөлкемлестирген.

Бул бағдардағы жумысларды избе-из даўам еттириў мақсетинде 2021-2023-жыллар ушын  баҳасы 109 триллион сумнан аслам 1 мың  277 инвестициялық жойбар қәлиплестирилген. Соннан дерлик  4,9 миллиард доллары сырт ел инвестициялары ҳәм кредитлерине туўра келиўи күтилмекте. Бул ҳәрекетлер 86 мыңға шамалас жумыс орнын шөлкемлестириў имканиятын береди.

Усы жылы  бул жойбарлар шеңберинде барлық дәреклердиң есабынан  4,1 миллиард доллар инвестиция өзлестирилетуғыны белгиленген. 454 жойбарды иске қосып, дерлик 29 мың адамды жумыс пенен тәмийинлеў мақсет етилген.

Мәмлекетимиз басшысы таныстырылған жойбарларды белгиленген мүддетлерде ҳәм сапалы, заман талапларына сай түрде әмелге асырыў бойынша бир қатар тапсырмалар берди.

 

ӨзА