14-январь – Ўатан қорғаўшылары күни мүнәсибети менен ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси тәрепинен пайтахтымыздағы жоқары оқыў орынларында оқып атырған партияның белсенди жасларының қатнасыўында Арқа-батыс әскерий округи гарнизонына саяхат шɵлкемлестирилди.

Қатнасыўшылар жақында ири оңлаўдан шыққан Мобилизациялық шақырыў резерви батальонының имараты менен танысты.

Бир ўақыттың ɵзинде 500 әскерди жайластырыў имканиятына ийе болған имаратта әскерлер ҳәм хызметкерлер ушын барлық қолайлықлар жаратылған. Кең ҳәм ықшам жатақханалар,  бөлим командирлери ушын хызмет бөлмелери,  шынығыў ҳәм оқыў және турмыслық хызмет кɵрсетиў бөлмелери, 200 орынға мөлшерленген мәжилислер залы, 600 орынлық асхана усылар қатарына киреди.

Сондай-ақ, батальон имаратында әскерлердиң руўхый дем алыўы, заманагɵй мәлимлеме технологияларынан пайдаланыўы ушын да барлық қолайлықлар жаратылған. Имараттағы 7 мың дана кɵркем әдебият ҳәм 10 мың дана электрон китапқа ийе және Ziyo-net миллий мәлимлеме-билимлендириў тармағына жалғанған китапхана күни-түни әскерлердиң ықтыярында.

– Әскерий гарнизонның спорт взводында жаратылған имканиятларды, соның ишинде, спорттың волейбол, баскетбол, мини футбол, стол тенниси, бокс, қол гүреси сыяқлы бир неше түрлери менен шуғылланыў мүмкиншилигин, шынығыў заллары менен фитнес ханаларын көрип, оғада тәсирлендим,-дейди Өзбекстан денетәрбиясы ҳәм спорт университетиниң студенти И.Юлдашева.

Саяхат даўамында әскерий батальонның мәжилислер залында майор У.Додаевтың қатнасыўында ушырасыў болып ɵтти. Пикир алысыў процесинде жаслар мобилизациялық шақырыў резерви ҳәм мүддетли шақырыўдың өзгешелиги, әскерий хызметти ɵтеген жасларға берилип атырған жеңилликлер, сондай-ақ, хызметке қабыл етиў шәртлери сыяқлы өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Илажда бир қатар әскерий хызметкерлер ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги