«Өзгидромет»тиң хабар бериўинше, ертең, 12-январь күни Өзбекстан аймақларының көпшилик бөлегинде қурғақ ҳәм жыллы ҳаўа райы бақланыўы күтилмекте, сондай-ақ, айрым орынларда самалдың тезлиги 15-20 м/с қа шекем күшейиўи мүмкин. Ҳаўаның температурасы түнде 2 градус суўық – 3 градус жыллы, күндиз 5-10 градус жыллы болыўы күтиледи.

 

Қарақалпақстан аймағына Кавказ аймақларынан салқын ҳәм бираз ығал ҳаўа массалары кирип келиўи күтилмекте. Қарақалпақстанның айрым жерлеринде бираз жаўын-шашын (жаўын, қар) болыўы мүмкин.

 

13-январьда ҳаўа массаларының кирип келиў фронты Өзбекстанның шығыс аймақларына қарай жылжыйды. Республиканың басқа аймақларында жаўын-шашын бақланбайды. Ҳаўаның температурасы түнде 2 градус суўық – 3 градус жыллы, күндиз 3-8 градус жыллы болады. 14-январьда Өзбекстан бойлап ҳаўа райы жаўын-шашынларсыз өтеди. Ҳаўаның температурасы түнде 0-5 градус суўыққа түседи, күндиз болса көтериледи ҳәм 5-10 градус жыллы дөгерегинде болады.

 

15-январьда республика бойлап Ираннан жыллы ҳаўа массалары кирип келе баслайды, Өзбекстанда қурғақ ҳаўа райы болыўы күтилмекте ҳәм ҳаўаның температурасы түнде 2-5 градусқа шекем жыллы, айрым орынларда болса суўық күшли болатуғын аймақларда 0-2 градус суўық, күндиз 10-15 градус жыллыға шекем көтериледи, бул нормадан 5-7 градусқа жоқары болып табылады.

 

Мийнет ҳәптеси даўамында айрым жерлерге думан түседи.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.