Регион COVID-19 пандемиясының экономикалық ақыбетлерин жеңип өтиўге умтылар екен, бундай бирге ислесиў ҳәм турақлылық ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады.

Америка Қурама Штатлары, Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы ҳүкиметлери «Орайлық Азия инвестициялық шериклиги» басламасы жолға қойылғанлығын жәриялады. Қатнасыўшылар басқа мәмлекетлерди регионаллық экономикалық шериклик ҳәм абаданлықты қоллап-қуўатлаўға қаратылған бул басламаға қосылыўын хошаметлейди.

Усы баслама арқалы АҚШ Халықаралық раўажланыў қаржы корпорациясы (DFC), Өзбекстан Республикасы Инвесициялар ҳәм сыртқы  саўда министрлиги және Қазақстан Республикасы Ҳүкиметиниң мәплерин гөзлеп ҳәрекет ететуғын «Астана» Ҳалықаралық финанс орайы, Орайлық Азия ҳәм региондағы жеке меншик сектор өсиўине және экономикалық қатнасықларды кеңейтиўге хызмет ететуғын жойбарларды қоллап-қуўатлаў ушын бес жыл ишинде кеминде 1 миллиард доллар қаржы тартыў мақсетинде барлық имканиятларды иске  қосады.

«Орайлық Азия инвестициялық шериклиги»ниң мақсети халықаралық инфраструктура сапа стандартына жуўап беретуғын инклюзив, ашық-айдын ҳәм турақлы инвестицияның көлеми өсиўине жәрдем бериўши жеке меншик сектор тараўындағы жойбарларды алға қойыўдан ибарат. Шериклер жойбарларды табыслы әмелге асырыўға үлес қосады, регионға қосымша жеке меншик инвестиция кирип келиўин жеделлестиреди.

Бул жойбар АҚШтың Орайлық Азияда экономикалық өсиў ҳәм абаданлықты қоллап-қуўатлаў бағдарындағы ҳәрекетлерин турмысқа енгизиўдеги әҳмийетли  қәдем болып есапланады. «C5+1» платформасы арқалы әмелге асырылып атырған бул баслама Орайлық Азия мәмлекетлериниң экономикасын беккемлеў ҳәм өсиўин тәмийинлеў мақсетинде саўда-сатық көлемин кеңейтиў, комплексли раўажланыўды хошаметлеў ҳәм көп тәреплеме қатнасықларды тереңлетиў ушын барлық бар имканиятлардан пайдаланыўға умтылады.

Регион COVID-19 пандемиясының экономикалық ақыбетлерин жеңип өтиўге умтылар екен, бундай бирге ислесиў ҳәм турақлылық ҳәр қашанғыдан да әҳмийетли болып есапланады.

«Орйлық Азия инвестициялық шериклиги» регионымыздағы ҳәр бир мәмлекеттиң раўажланыў, гүллеп-жаснаўға қарай умтылыўына тийкарланады.

Регионаллық жойбарларды қоллап-қуўатлаўдан тысқары, DFC Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги және Қазақстан Республикасы Ҳүкиметиниң мәплерин гөзлеп ҳәрекет ететуғын «Астана» халықаралық финанс орайы менен өз-ара келисим меморандумына қол қойыў және инвестициялық корлардың жумысын раўажландырыўды қоллап-қуўатлаў, биргеликтеги жойбарларды әмелге асырыў имканиятын үйрениў арқалы Орайлық Азияда шерикликти тереңлетиўде даўам етеди.

Бул билдириў тексти Америка Қурама Штатлары, Өзбекстан Республикасы ҳәм Қазақстан Республикасы ҳүкиметлери тәрепинен мәлим етилди.

 

ӨзА