«Өзгидромет» баспасөз хызметиниң «Kun.uz»ға мәлим етиўинше, 9-12-январь күнлери республикамызда ҳаўаның температурасы әсте-ақырын жылый баслайды. Бунда түнде 2 градус суўықтан 3 градус жыллы, күндиз болса 5-10 градус жыллыға шекем көтерилиўи күтилмекте.

 

Соңғы 10 күндеги суўық ҳаўа райын Сибирь аймақларындағы суўық антициклон перифериясы белгилеп бермекте. Бунда оғада жоқары басымдағы майдан аномал суўық ҳаўаны алып келди.

 

Бул ўақытлары түнде 5-10 градус, арқа ҳәм шөл зоналарында 12-17 градусқа шекем суўық температура бақланбақта. Күнди 0-5 градус әтирапында болмақта.

 

«Бул – орташа көп жыллық нормалардан 10-12 градусқа төмен болып есапланады. Орташа көрсеткишлерден төмен ҳаўа температурасы үзликсиз түрде 10 күн даўам етип атырғаны себепли бул аномал болып табылады», – деген «Өзгидромет» қәнигеси.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.