Мүнәсибет

Жаңаланыўлар дәўири келди. Ендигиден былай ескише пикирлеў ҳәм жасаўға болмайды. Жаңа Өзбекстанды курыў жолындағы ийгиликли жумыслар бүгин барлық тараўлардағы түпкиликли өзгерислер ҳәм жаңаланыўлар менен көзге тасланбақта.

Елимизде әмелге асырылып атырған түпкиликли  реформалар менен тараўлардағы  өзгерислерди  ҳаял ретинде көрип ҳәм сезинип киятырман. Мәмлекетимиз басшысы Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында  өткен  жыл даўамында исленген  жумыслар талланып,  жаңа 2021-жылда исленетуғын ўазыйпалар белгиленип алынды.

Президентимиздиң жоллаған мүрәжатындағы ҳәр бир сөзинде халық мәпи, елимиздиң абаданлығы менен экономикалық жетискенликлерин көриўимиз мүмкин.

Мүрәжатта  Президентимиз бүгинги күнде жумысымыздағы ең үлкен кемшилик – билимниң  жетиспеўшилиги, тилекке қарсы, барлық тараўларда  орын алып атырғанлығын атап өтти.

Сол пикирге толық қосыламан. Егер биз илимли болыўға ҳәрекет етсек, перзентлеримизди ақыллы, зийрек ҳәм билимли етип тәрбияласақ, әлбетте, жетискенлик бизлердики болады.

Әсиресе, жәмийеттеги ҳаял-қызларымыздың тутқан орны айрықша.

Бүгинги күнде ҳаял-қызларымыз ҳәр бир  тараўда  белсенди. Себеби, олар жәмийетте аналық шарапатына миясар. Ана билимли, зийрек ҳәмде ақыллы болса, оның қолында тәрбияланған перзентлери де   сол жолдан жүреди.

Сондай-ақ, ҳаял-қызларымыздың өз исбилерменлик жумысларын баслаўы ушын,  олардың  бизнес  жойбарларын   қоллап-қуўатлаў ҳәм  орынларда анықланған ҳаял-қызлардың машқалаларын шешиў ушын бюджеттен қосымша 1 триллион сумнан аслам қаржы ажыратылыўы  мәмлекетимиздеги  исбилермен ҳаял-қызларға болған айрықша итибар ҳәм ғамхорлықтың белгиси екенлиги мени қатты қуўандырды.

Бир сөз бенен айтқанда  Мүрәжатта белгилеп берилген баслы ўазыйпалар  халқымыздың тыныш-абадан турмыс кешириўине, жаңа Өзбекстанның жарқын келешегине хызмет етеди.

 

Элиза Бекимбетова,

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси

«Ҳаяллар қанаты»ның бөлим баслығы. 

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги