Аўғанстан Ислам Республикасы Жәмийетлик саламатлықты сақлаў министрлигиниң жуўаплы хызметкерлери ҳәм шыпакерлеринен ибарат делегация елимизде болмақта.

Бүгин Өзбекстан Республикасы денсаўлықты сақлаў министри Абдуҳаким Ҳожибоев Аўғанстан Ислам Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Аҳмад Холид Элмий ҳәм делагация ағзаларын қабыл етти.

Сөйлесиў даўамында атап өтилгениндей, 2017-жылдың декабрь айында  Аўғанстан Ислам Республикасының Президенти Ашраф Ғанидиң Өзбекстанға сапары даўамында еки мәмлекет арасында узақ мүддетли перспективада бирге ислесиўди раўажландырыўдың тийкарғы бағдарлары белгилеп алынған еди.

Сондай-ақ, бул сапар шеңберинде Өзбекстан Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Аўғанстан Жәмийетлик саламатлықты сақлаў министрлиги арасында келисим меморандумына да қол қойылды.

2018-жылы мәмлекетимиз тәрепинен Аўғанстан «Тез жәрдем» хызмети ушын 5,7 миллион доллар баҳасындағы 100 данадан аслам автомобиль жеткерип берилди. Усы жылы Ташкент мәмлекетлик стоматология институты ҳәм Қабул медицина университети арасында бирге ислесиў келисимине қол қойылды. Ҳәзир аўғанстанлы студентлер Ташкент мәмлекетлик стоматология және Әндижан мәмлекетлик медицина институтларында оқымақта.

Сондай-ақ, аўғанстанлы шыпакерлер Медицина хызметкерлериниң кәсиплик тәжирийбесин арттырыў орайы, Сурхандәрья ўәлаяты көп тармақлы медицина орайы және қыстаўлы медициналық жәрдем хызмети системасында тәжирийбе арттырмақта.

Еки мәмлекет арасында фармацевтика тармағын раўажландырыў тараўында да бир қатар бирге ислесиў бағдарламалары әмелге асырып келинбекте. Атап айтқанда, 2019-жылы өзбек-аўған исбилерменлер форумы ҳәм семинары өткерилди. Аўғанстанда Өзбекстанның фармацевтика ҳәм медицина өнимлери және медициналық техникасын экспорт етиў ушын Өзбек-аўған саўда үйин ашыў бағдарында жумыслар алып барылмақта. 2020-жыл даўамында елимиздиң фармацевтика тармағы кәрханалары тәрепинен 2,4 миллион доллар баҳасындағы өнимлер Аўғанстанға экспорт етилген.

Сәўбетлесиў даўамында Аҳмад Холид Элмий Өзбекстан коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, оны емлеў тараўында үлкен тәжирийбе топлағанлығы, бул тәжирийбени үйрениў ҳәм өз мәмлекетинде енгизиў аўғанстанлы шыпакерлердиң алдында турған әҳмийетли ўазыйпалардан бири екенлигин атап өтти. Абдуҳаким Ҳожибоев еки мәмлекет арасында денсаўлықты сақлаў тараўындағы бирге ислесиўди жаңа басқышқа алып шығыў, раўажландырыў ҳәм зәрүр болған әмелий жәрдемди бериўге таяр екенлигин билдирди.

Еслетип өтемиз: делегацияның мәмлекетимизге келиўинен мақсет коронавирус инфекциясының профилактикасы, тарқалыўының алдын алыў, диагностикасы ҳәм емлеўдиң Өзбекстан тәжирийбесин үйрениў, «COVID-19»ды емлеўдиң заманагөй ҳәм нәтийжели усылларын қолланыў бойынша шыпакерлердиң әмелий көнликпелерин ҳәм маманлығын арттырыўдан ибарат болып есапланады. Он күн даўамында 20 аўғанстанлы қәнигеден ибарат делегация олар ушын арнаўлы шөлкемлестирилген оқыў сабақларында қатнасады.

 

ӨзА