ҚР Прокуратурасының мәлим етиўинше, Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 29-санлы мектеп директоры лаўазымында ислеп келген пуқара Ж.С. 2018-2020-жыллар даўамында усы мектепте ислеўши бир неше муғаллимлердиң исенимине кирип, олардан ҳәр түрли бәне менен турақлы рәўиште мәлим муғдардағы пулды алдаўшылық жолы менен талап етип, жыйнап келгенлиги анықланды.

 

Усы анықланған жағдай бойынша Департаменттиң Қарақалпақстан Республикасы Нөкис қалалық бөлими тәрепинен 2020-жыл 30-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Жынаят кодексиниң 168-статьясы 3-бөлими «в» бәнти менен жынаят иси ашылып, ҳәзирги ўақытта Нөкис қалалық ИИО ЖМБ жанындағы Тергеў бөлими тәрепинен тергеў ҳәрекетлери алып барылмақта.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.