Соңғы күнлерде Өзбекстан халқы өзгеше тәбият ҳәдийсесин бақлаўы мүмкин – қар бөлекшелери думаннан түскендей жаўады. Бул ҳәдийсе Өзбекстанда оншелли көп ушыраспайды, көбинесе қыс мәўсими турақлы суўық болатуғын аймақларда бақланады. Бул ҳаққында «Өзгидромет» хабар берди.

 

Бул ҳәдийсе суўық Сибирь антициклонының тәсири себепли жүзеге келеди. Әдетте, бундай синоптикалық жағдайда жаўын-шашын бақланбайды.

 

Соның менен бирге, жер бетиндеги ҳаўа қатламларының түнги қатты суўыўы нәтийжесинде төменги ҳаўа қатламлары жоқарғы қатламлардан суўықлаў болғанда, температураның кери өзгериўи жүз береди. Нәтийжеде конвекцияның алдын алатуғын «блокировкалаўшы» қатлам пайда болады, ол конвекция ҳәдийсесине тосқынлық етеди. Бундай жағдайда жедел түрде ислейтуғын қазанлардың қуўатлылығы арқалы ҳаўаға көп муғдарда шығарылатуғын ыссы пуў усы қатламға «урылып» қайтқандай болып, қойыўласады ҳәм қар бөлекшелери формасында жаўады.

 

Бул ҳәдийсени үйренген айрым изертлеўшилер буны «техноген қар» деп атайды. Бирақ, бул толық дурыс пикир емес. Солай болса да, бул антропоген фактор тәсиринде өзгертилген тәбийғый процесс болып есапланады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.