ӨзР Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов өз каналында Өзбекстан бойынша мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткишлерин жәриялады.

Мәлим болыўынша, Қарақалпақстан Республикасында питкериўшилери жоқары оқыў орынларына кирмеген мектеплер улыўма мектеплердиң 9,0% ин (қызыл) қураған. 35,3% мектептиң 10% ке шекем, 47,7% мектептиң 30% ке шекем, ал қалған 8,1% мектептиң 30% тен аслам питкериўшилери жоқары оқыў орынларының студенти болған.

 

Ш.Шерматов графикте көрсетилген тойғын қызыл реңдеги (0%) ҳәм қызыл реңдеги (10% ке шекемги көрсеткишке ийе) мектеплер ушын быйыл үлкен сынақ жылы болатуғынлығын атап өткен.

 

«Сонлықтан, усы мектеплер жәмәәти бирлесип нәтийжеге ҳәрекет етиўи зәрүр! Бурынғыдай, биз кетсек, орнымызға муғаллим табылмайды деп ойлаў пуш қыялдан басқа нәрсе емес», – деп жазды Халық билимлендириў министри.

 

Мәлим етилиўинше, министрлик, ўәлаят ҳәм районлық бөлимлердиң хызметкерлери буннан былай тек ғана қызыл (10% ке шекемги көрсеткишке ийе) мектеплерге барып, олардағы жағдайды жақсылаў бойынша ислейди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.