Орайлық Азия ҳәм Қазақстанды байланыстырыўшы бирден-бир энергетикалық системаның электр узатыў тармақларында жобадан тыс жүз

Орайлық Азия ҳәм Қазақстанды байланыстырыўшы бирден-бир энергетикалық системаның электр узатыў тармақларында жобадан тыс жүз берген үзилислер себепли аварияға қарсы автоматика ислеген.

 

Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, энергетикалық қурылмаларға зыян жеткермеў мақсетинде үскенениң технологиялық жақтан қорғалыўы автоматластырылған түрде ислеген ҳәм айрым электр станциялар, соның ишинде Тақыятас ыссылық электр станциясындағы энергоблоклардың қуўатлылығы кемейген.

 

Мәлим болыўынша, Тақыятас ЫЭСте 280 МВт тан 150 МВт қа шекем энергоблоклардың қуўатлылығы кемейип, кейин ала жумыс режими қайта тикленген.

 

Министрлик усы өшиў жағдайының себеплери үйренилип атырғаны, сондай-ақ, жақын саатларда электр энергиясы тәмийнатында қысқа мүддетли үзилислер бақланатуғынлығын мәлим етип, тутыныўшылардан кеширим сораған.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.