Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң 2020-жыл 28-декабрьдеги №94/XII-санлы қарарына тийкарланып, 2021-жылдың 21-январь сәнесинен баслап «Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖның ишимлик суўы ҳәм ақаба суў хызметлери ушын жаңа баҳалар (қосымша қун салығысыз (ҚҚС) белгиленетуғынлығы мәлим етилди.

 

Яғный, 2021-жыл 21-январьдан баслап:

 

Пуқаралар ушын:

 

1 куб метр ишимлик суўы ушын – 1850 сум;

1 куб метр ақаба суў ушын – 1100 сум.

 

Бюджет мәкемелери ушын:

 

1 куб метр ишимлик суўы ушын – 3695 сум;

1 куб метр ақаба суў ушын – 2350 сум.

 

Басқа кәрханалар ушын:

 

1 куб метр ишимлик суўы ушын – 3695 сум;

1 куб метр ақаба суў ушын – 2350 сум.

 

«Қарақалпақ суў тәмийнаты» ЖШЖ басқармасы пуқаралар ҳәм мәкеме, кәрхана басшыларына ишимлик суўы ҳәм ақаба суў хызметлери бойынша қарызларын 2021-жылдың 21-январь сәнесине шекем ҳәрекет етип турған баҳаларда, ал 2021-жылдың 21-январь сәнесинен баслап хызметлер ушын есап-санақлар жаңа баҳаларда жүргизилетуғынлығын мәлим еткен.

 

Еслетип өтемиз, Қарақалпақстанда ишимлик ҳәм ақаба суўы ушын тарифлер соңғы мәрте 2019-жылдың август айында көтерилген еди. Бунда пуқаралар ушын 1 куб метр ишимлик суўы ушын – 1000 сум, 1 куб метр ақаба суў ушын – 830 сум етип белгиленген еди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.