Мүнәсибет

Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында экономикамыздың жылдан-жылға раўажланыўы, ҳәр бир инсанның бүгинги күнинен кеўли толып, ертеңги күнине үлкен үмитлер менен исенимли қәдем таслаўы ушын ҳәр бир тараўда әмелге асырылған жумыслар, жетискенлик ҳәм кемшиликлер менен машқалаларды сапластырыў ушын анық режелер белгилеп берилгенлигине усы елдиң пуқарасы және ана сыпатында жүдә кеўлим толды.

Президентимиз тәрепинен 2021-жылдың «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы» деп жәрияланыўы, елимиз жасларының өмиринде үлкен бурылысларға жол ашылыўына түртки болып, келешегимиз тийкарының және де беккем болыўын тәмийинлейди.

Бундай итибар жаслардың күшине күш, ғайратына еле де ғайрат қосатуғынлығы анық. Сондай ақ, перзентлердиң камалға келиўи ҳәм жаслар тәрбиясына айрықша тоқталып, пайтахтта да, шетки аўылларда да билимлендириў сапасының бирдей болыўы, оқыўшыларды мектептен баслап кәсипке бағдарлаў ҳаққында жүдә әҳмийетли ҳәм анық ўазыйпаларға тоқталып өтти.

Жоқары оқыў орынларына қабыл етиўде мәмлекетлик грантларды 25 процентке  көбейтиў, мүтәж шаңарақлардың қызлары ушын грантлар санын 2 мыңға жеткериў  ҳаққындағы пикирлери елимиз келешеги ушын үлкен әҳмийетке ийе. Усы жылы айрықша баҳаларға оқып атырған социаллық жәрдемге мүтәж шаңарақлардың қызлары ушын қосымша стипендия енгизилетуғынын еситип, Президентимиздиң жасларға деген жоқары ғамхорлығын терең сезиндим. Билимге болған ықласы артып атырған қызлардың  қуўанышы ҳәм шадлығы ериксиз көз алдымнан өтти. Себеби, ҳаял-қызлар билимли болса, олар келешекте перзентлерине жақсы тәрбия берип, жәмийеттиң раўажланыўына өз үлесин қосады. Шаңарағында бахыт таўып, өмиринен кеўли толып жасап, жәмийетте өз орнына ийе болады.

Халқымыз әзел-әзелден жетимниң басын сыйпаған, мүтәжлерге қолынан келгенше жәрдем қолын созған, қыйналғанға сүйеў болған сақый халық. Мүрәжатта Президентимиз тәрепинен атап өтилгениндей, усы жылы 900 шын жетимлерди турақ жай менен тәмийинлеўге 50 миллиард сум қаржы ажыратылыўы, имканияты шекленген балалар ушын мектепке шекемги тәрбияны үйинде жолға қойыў системасы енгизилетуғынлығы жоқарыдағы пикирлеримиздиң айқын дәлийли болып табылады.

Мүрәжатта Президентимиз тәрепинен алға қойылған усыныслар ҳәм басламалардың мазмунын және әҳмийетин халқымызға жеткериўде Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы ўәкиллери ҳәм барлық дәрежедеги депутатлар белсендилик пенен қатнасатуғынына исенемиз. Себеби, бәршемиздиң кеўлимизде инсанды өзгертиў арқалы-жәмийетти өзгертиўдей үлкен мақсет жәмлескен.

Пидайылық, жоқары билим ҳәм жақсы инсаныйлық пазыйлетлер – жәмийетимиздиң жоқары раўажланыўын белгилеп, жаңа Өзбекстанның жарқын келешегине хызмет етеди.

 

 

Айгүл Өтениязова,

ӨзМТДП ҚР Кеңесиниң ҳаял-қызлар мәселелери бойынша

жетекши қәнигеси.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги