Ўатанға хызмет етиў – ҳәр бир инсанның пуқаралық миннети есапланады. Республикамызда 15-декабрьден 15-январьға шекем «Ўатансүйиўшилик айлығы» жоқары көтериңкилик пенен өткерилмекте.

Нөкис районында Өзбекстан Республикасы Қураллы Күшлери  дүзилгениниң 29 жыллығы ҳәм «Ўатан қорғаўшылары күни» байрамы  мүнәсибети менен  «Ким ўатанға садық болса, сол мендурман!» сүрени астында фестиваль өткерилди.

Оған район ҳәкимгили, Арқа-батыс әскерий округи хызметкерлери,  районлық қорғаныў ислери бөлими, Өзбекстан Жаслар аўқамы районлық бөлими ҳәм тийисли тараў ўәкиллери, мектеп оқыўшылары қатнасты.

Илажда жасларға  әскерлердиң мақтанышлы ҳәм машақатлы кәсиби, Қураллы Күшлердиң турмысымыздағы әҳмийети ҳаққында мағлыўматлар берилди.

Жасларды ўатансүйиўшилик руўхында тәрбиялаўда мүнәсип үлес қосып атырған улыўма орта билим бериў мектептеплериндеги жасларды шақырыққа шекемги таярлаў пәниниң бир топар белсенди оқытыўшылары район ҳәкимлиги тәрепинен таярланған «Ҳүрмет жарлық»лары менен сыйлықланды.

Илаж қатнасыўшылары әскерий бөлимниң «Көркем ҳәўескерлик» дөгерегиниң белсенди әскерлери тәрепинен таярланған концерт бағдарламасын ҳәм әскерлердиң қурал менен сап тартып жүриўи және қол урысы көргизбели шығыўларын тамашалады.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги