Усы жыл 510-январь күнлери аралығында республикамыздың барлық улыўма орта билим бериў мектеплериниң 910-11-класс оқыўшылары арасында пайтахтымыздағы «Прогресс» билимлендириў ҳәм раўажландырыў орайы жанындағы 46-санлы қәнигелестирилген мәмлекетлик улыўма билим бериў мектебинде пәнлер олимпиадасының  III басқышы өткерилмекте.

Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлигиниң 2020-жыл 29-декабрьдеги ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң  2020-жыл 30-декабрьдеги  «2020-2021-оқыў жылында улыўма билим бериў пәнлери бойынша Республикалық пән олимпиадасының III басқышын шөлкемлестириў ҳәм өткериў ҳаққында»ғы қоспа қарарының   1-қосымшасы   тийкарында пәнлер олимпиадасының III республикалық басқышын өткериў режелестирилген.

-Улыўма билим бериў пәнлери бойынша олимпиадаға бүгинги күнде республикамыздың улыўма орта билим бериў мектеплеринен жәми 1 мың 599 оқыўшы қатнаспақта, – дейди Республикалық оқыў-методикалық орайы директорының орынбасары А.Даўлетбаев. -Олардың билимин әдил түрде сынақтан өткериў ушын басқарма жанындағы методикалық хызмет методистлери тәрепинен тапсырмалар менен тест сораўлары таярланды. Олимпиадаға 100 ден аслам профессор-оқытыўшылар, улыўма орта билим бериў мектеплериниң тәжирийбели муғаллимлери төрешилик етпекте.

Оқыўшылардың еркин, өзлериниң билимлерин толық сынақтан өтиўин тәмийинлеў мақсетинде аудиториялар, керекли оқыў қураллары менен тәмийинленип, барлық шараятлар жаратылған.

Сораўлар ҳәм тапсырмалар ҳәр бир оқыўшы ушын өз алдына, көп вариантлылық тийкарында ислеп шығылған.

Оқыўшылардың ата-аналары ҳәм оқытыўшылар ушын олимпиада өткерилетуғын орынларда шараятлар жаратылып, узақ районлардан келген оқыўшылар ушын жатақханалар ажыратылған.

Пәнлер олимпиадасы 10-январьға шекем даўам етеди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги