Айырым исбилерменлик субъектлери тәрепинен «Өзбекстан Республикасы аймағына алып кириўде импорт бажыхана бажы ҳәм қосымша қун салығынан азат етилетуғын технологиялық үскенелер Дизими ҳаққында»ғы Инструкцияда көрсетилмеген товарларды алып келип, басқа товардың аты менен (товардың номенклатурасы бойынша басқа товарға тийисли код пенен) бажыхана рәсмийлестириўинен өткериўге ҳәрекет етиў, соның нәтийжесинде мәмлекетлик бюджетке төленетуғын бажыхана төлемлеринен қашып, «жасырын экономика»ның ен жайыўына урыныў жағдайлары көплеп анықланбақта.

Жақында, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Контрабандаға қарсы гүресиў ҳәм бажыхана аудити бөлими «Төрткүл» сыртқы экономикалық байланыс бажыхана посты қәнигелери менен биргеликте «Еркин айланысқа шығарыў» бажыхана режимине дизимге алынып, «сары» коридорға бағдарланған бажыхана жүк декларациясы ҳәм жүкти бақлаў ҳүжжетлери тексерилди.

Тексериў даўамында басқарманың «Сыртқы экономикалық байланыста тарифсиз қадағалаўды тәртипке салыў ҳәм бажыхана экспертизасы» топары тәрепинен берилген жуўмаққа тийкарланып, ҳүжжетлерде көрсетилген товарлардың коды алып келинген товарлар кодына сәйкес емеслиги ҳәм усы товарларды басқа товардың аты менен «жеңилликке ийе» товар ретинде рәсмийлестириўге урыныў факти анықланды.

Нәтийжеде, бажыхана төлемлеринен 334 миллион сум мәмлекет бюджетине өндирип алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги