1-январьдан Өзбекстан пуқаралары сырт елге тек «қызыл паспорт» пенен шығыўы мүмкин. «Жасыл паспорт» пенен енди сырт елге шығыўға болмайды.

Туризмди раўажландырыў бойынша мәмлекетлик комитети Мәлимлеме хызмети басшысының мәлим етиўинше, сырт елге шығыў паспортлары 10 жыл әмел етеди. 4-январьдан пуқаралық паспорттың орнына ID–карта көринисиндеги шахсты тастыйықлаўшы ҳүжжет бериў басланады. Биометрикалық паспортларды ID–карталарға алмастырыў 2022-жыл 31-декабрьге шекем өз қәлеўи тийкарында, 2023-жыл 1-январьдан 2030-жыл 31-декабрьге шекем мәжбүрий тәртипте әмелге асырылады.

Биометрикалық паспорт 2031-жыл 1-январьдан баслап ҳақыйқый емес деп есапланады.

 

Қарақалпақстан хабар агентилиги