Өзбекстан Республикасы Президентиниң Қарақалпақстан Республикасындағы Халық кабыллаўханасына Нөкис қаласындағы 8-санлы шаңарақлық поликлиниканың хызметкерлери мүрәжат етти.

 

Мүрәжатта поликлиника хызметкерлери коронавирус инфекциясы анықланған ҳәм гүман етилген наўқасларды емлеў және кеселликтиң тарқалыўының алдын алыў бойынша үй карантининде болған пуқараларға медициналық хызметлер көрсеткенлигин, деген менен, 2020-жыл август айы ушын есапласыў жумыслары толық алып барылмағанлығын мәлим етип, қосымша мийнет ҳақыларын алыўда әмелий жәрдем сорады.

 

Халық қабыллаўханасы мәлимлеме хызметиниң хабар бериўинше, мүрәжат Президент Халық кабыллаўханасы тәрепинен нызам тийкарында үйренилди ҳәм 2020-жылдың 29-декабрь сәнесинде жәми 89 хызметкерге 112 537 826  сум муғдардағы мийнет ҳақылары өндирип берилди.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.