Барлық жоқары оқыў орынлары тәрепинен оқыў процесин дәстүрий тәризде баслаў бойынша график ислеп шығылған. График тийкарында 2021-жыл 11-январьдан барлық жоқары оқыў орынларының тийисли курсларында оқыў процеси дәстүрий тәризде басланады.

 

Айрым наўқас ямаса социаллық қорғаўға мүтәж болған студентлердиң оқыўы онлайн тәризде даўам еттирилиўи мүмкин. Бул жағдайда жоқары оқыў орынлары студентлердиң шараятларын үйренип шығады. Барлық имканиятлары болған студентлер дәстүрий оқыўға толық шақырылады.

 

Ҳәптелик оқыў күнлери оқыў жобасындағы ҳәптелик жүклемелер тийкарында белгиленеди. Оқыў жобаларындағы пәнлерге ажыратылған ҳәптелик жүклемеден келип шығылса, ҳәптелик оқыў күни 5-6 күнге туўра келеди. Бунда студентлердиң күнлик жүклемеси де көбейип кетпеўи керек.

 

Бул ҳаққында МҒКАда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызмети баслығы Ф.Бабашев қатнасыўындағы брифингде мәлим етилди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.