Бул ҳаққында МҒКАда Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги мәлимлеме хызмети баслығы Ф.Бабашев қатнасыўындағы брифингде мәлим етилди.

 

2021-жыл 1-февральдан баслап республикамызда мийнет ҳақы ҳәм стипендиялар муғдарлары 10 процентке көбейтилиўи белгиленди.

 

Пандемия шараятында республика халқының төлеў қәбилети төменлегенлигин есапқа алып, перзенти мәмлекетлик жоқары оқыў орынларында төлемли контракт тийкарында оқып атырған шаңарақларға жеңиллик жаратыў ҳәм оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде быйылғы оқыў жылындағы әмелдеги төлемли контракт муғдарлары өзгериссиз сақлап қалынады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.