Өзбекстанда насыбай, темекили ҳәм никотинли снюслар саўдасын қадаған етиў усыныс етилмекте. Бул ҳаққында Алкоголь ҳәм темеки өнимлери базарын тәртипке салыў ҳәм виношылықты раўажландырыў агентлиги тәрепинен ислеп шығылған «Алкоголь ҳәм темекили өнимлердиң айланысын тәртипке салыў және пайдаланылыўын шеклеў ҳаққында»ғы нызам жойбарында белгиленген, деп жазбақта «Sof.uz» сайты.

 

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң Темекиге қарсы гүресиў бойынша қәнигесиниң мәлим етиўинше, жойбар Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине көрип шығыў ушын киргизилген.

 

Нызам жойбарында мәмлекетте темеки өнимин сатыў, реклама етиў, сатылыўын хошаметлеў, қәўендерлик етиў бағдарындағы шеклеў илажларын күшейтиў, жәмийетлик орынларда темекиден аўлақ орталықты жаратыў ҳәм шегилмейтуғын темеки өнимлериниң (соның ишинде, насыбай, темекили ҳәм никотинли снюслар) айланысын қадаған етиў нәзерде тутылған.

 

Атап өтилиўинше, халық арасында қолбала усылда таярланатуғын насыбайдың кең түрде пайдаланылыўы елимизде әҳмийетли машқалала болып қалмақта. Балалар ҳәм оқыўшылар, жас өспиримлер арасында темекили ҳәм никотинли снюслардың жедел түрде ғалабаласып баратырғаны болса жағдайды оғада қыйынластырмақта және халықтың саламатлығына, мәмлекет экономикасына үлкен зыян жеткермекте.

 

ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлиги 2014-жылы Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми менен биргеликте жуқпалы болмаған кеселликлердиң қәўиплилик факторларын үйрениў бойынша тексериў өткерген.

 

Анықланыўынша, Өзбекстанда еркеклер ҳаял-қызларға салыстырғанда 30 есе көп темекиден пайдаланады, еркеклердиң 42 проценти ҳәм ҳаял-қызлардың 1,5 проценти шегиўшилер болып есапланады (темеки өнимлерин пайдаланатуғынлығын ҳаял-қызлар бәрқулла да тән ала бермейди). Түтинсиз темекини 23,2 процент еркеклер ҳәм 0,2 процент ҳаял-қызлар пайдаланады, оның 90 проценти насыбайға туўра келеди.

 

Бул Орайлық Азия мәмлекетлери халқы арасында насыбайдан пайдаланыў көрсеткишлериниң ең жоқарғысы болып табылады: Қырғызстанда – 5,2 процент, Қазақстанда – 1,3 процент, Түркменстанда – 1,4 процент.

 

Сондай-ақ, түтинсиз темеки өнимлериниң 13-15 жастағы жас өспиримлер арасында пайдаланылыўының дәрежеси де Өзбекстанда қоңсылас мәмлекетлерге салыстырғанда ең жоқары – 6 процент. Бул көрсеткиш: Қырғызстанда – 5,1 процент, Тәжикстанда – 1,8 процент, Қазақстанда – 0,6 процент, Түркменстанда – 0,2 процент.

 

Соңғы жылларда электрон сигареталар, шылым (кальян), темекили ҳәм никотинли снюслар сыяқлы жаңа темекили өнимлердиң әсиресе жаслар арасында ғалабаласып баратырғаны бақланбақта.

 

Сонлықтан, ӨзР Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң қәнигелери Өзбекстанда насыбай ислеп шығарыў ҳәм сатыўды нызам шеңберинде қадаған етиўди усыныс етпекте. Усы жағдайды шешиўге қоңсылас мәмлекетлер (әсиресе Қазақстан, Түркменстан) насыбайды сатыўды қадаған еткени, соңғы 5 жыл ишинде Өзбекстанның 18-39 жастағы халқы арасында насыбайдан пайдаланыў еки есеге кемейгенлиги де түртки болады, себеби насыбай атыў темеки өнимлериниң басқа түрлерине салыстырғанда оншелли абырайлы емес ямаса үрпке айланбаған.

 

Насыбай сатыў ҳәм ислеп шығарыўды тәртипке салыў оғада қыйын, себеби ол қолбала усылда ямаса үй шараятында, санитариялық нормаларға әмел етпеген ҳалда таярланады, қадағалаў уйымлары насыбайдың қәўипсизлиги ҳәм сапасын қадағалаў ушын зәрүр ресурсларға (технологиялық, финанслық ҳәм басқа) ийе емес.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.