Исбилерменлер ҳәрекети – Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң Аппарат баслығы Ш.Өтемисов партияның белсенди жаслары ҳәм жас исбилерменлер менен ушырасыў өткерди.

Жасларды жаңа жыл менен қутлықлап, алдағы дөретиўшилик жумысларында тасқын-табыслар тиледи.

Атап өтилгениндей, соңғы жылларда елимизде жасларды қоллап-қуўатлаў бағдарында көлемли жумыслар алып барылмақта. 29-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Президентиниң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында 2021-жылдың «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы», деп аталыўы усындай ғамхорлықтың және бир көриниси болды.

Ушырасыўда 2020-жыл даўамында Республикалық Кеңес тәрепинен жаслар турмысына байланыслы шөлкемлестирилген илажларда белсенди қатнасқан бир топар жаслар Ҳүрмет жарлықлары менен сыйлықланды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги