Ҳәзирги ўақытларда пүткил дүньяда байрам қуўанышы гезип жүрипти. Ҳәмме ушын сынақлы жыл артта қалып, жаңа 2021-жыл кирип келди. Усы пайызлы ўақытта ҳәр бир инсан жақсы үмитлер менен өз алдына үлкен мақсетлер қояды, дос-туўысқанларына да жақсылықлар тилейди.

Жаңа жыл байрамы мүнәсибети менен Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң атына сырт мәмлекетлер, ҳүкиметлер ҳәм парламентлер, абырайлы халықаралық ҳәм регионаллық шөлкемлердиң басшыларынан қызғын қутлықлаўлар келмекте.

Олардан 2020-жылғы қәўип-қәтер ҳәм қыйыншылықларға қарамастан, мәмлекетимиз бенен бирге ислесиў избе-из раўажланғаны атап өтилип, келешекте өз-ара қатнасықлар буннан былай да беккемлениўине исеним билдирилген.

Мәмлекетимиз басшысына беккем денсаўлық ҳәм табыслар, Өзбекстан халқына болса тынышлық, абаданлық ҳәм аманлық тилеп, жақсы нийетлер билдирилген.

Соның ишинде, төмендегилер өз қутлықлаўларын жоллаған:

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин;

Қытай Халық Республикасы Баслығы Си Цзиньпин;

Америка Қурама Штатлары Президенти Дональд Трамп;

Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған;

Европа кеңеси Президенти Шарль Мишель;

Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев;

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев;

Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов;

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон;

Қырғызстан Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы Талант Мамитов;

Әзербайжан Республикасы Президенти Илҳам Алиев;

Беларусь Республикасы Президенти Александр Лукашенко;

Армения Республикасы Бас министри Николь Пашинян;

Корея Республикасы Президенти Мун Чже Ин;

Аўғанстан Ислам Республикасы Президенти Ашраф Ғани;

Иран Ислам Республикасы Президенти Ҳасан Руҳоний;

Бирлескен Араб Әмирликлери Президенти Халифа бин Зоид Ол Наҳаён;

Бирлескен Араб Әмирликлери Вице-президенти, Бас министри, Дубай әмирлиги ҳәкими Муҳаммад бин Рошид Ол Мактум;

Бирлескен Араб Әмирликлери Қураллы күшлериниң Жоқары бас сәркардасының орынбасары, Абу-Даби әмирлигиниң мийрасхоры Муҳаммад бин Зоид Ол Наҳаён;

Кувейт Мәмлекети Әмири Наваф ал-Аҳмад ал-Жобир ас-Сабоҳ;

Дания Патшайымы Маргрет II;

Норвегия Патшасы Харалд  V;

Венгрия Президенти Янош Адер;

Польша Республикасы Президенти Анжей Дуда;

Латвия Республикасы Президенти Эгилс Левитс;

Ирландия Республикасы Президенти Майкл Хиггинс;

Сингапур Республикасы Президенти Ҳалима Ёқуб;

Монголия  Президенти Халтмаагийн Баттулға;

Жаңа Зеландия Генерал-губернаторы Петси Редди;

Россия Федерациясы Федерал Мажлиси Федерация Кеңесиниң Баслығы Валентина Матвиенко;

Россия Федерациясы Ҳүкиметиниң баслығы Михаил Мишустин;

Қытай Халық Республикасы Баслығының орынбасары Ван Цишань;

Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик Кеңесиниң Бас министри Ли Кецян;

Япония парламентиниң Мәсләҳәтшилер палатасының президенти Акико Санто;

Сингапур Республикасының Бас министри Ли Сянь Лун;

Венгрия Бас министри Виктор Орбан;

Шанхай бирге ислесиў шөлкеминиң Бас хаткери Владимир Норов;

Ғәрезсиз Мәмлекетлердиң Дослық Аўқамы Атқарыў комитетиниң баслығы – Атқарыўшы хаткери Сергей Лебедев;

Арқа Атлантика шәртнамасы шөлкеминиң (НАТО) Бас хаткери Йенс Столтенберг;

Европа Орайлық банки президенти Кристин Лагард;

Жәҳән бажыхана шөлкеминиң Бас хаткери Кунио Микурия;

Түркий тиллес мәмлекетлер бирге ислесиў кеңесиниң Бас хаткери Бағдат Амреев.

Қутлықлаўлардың келиўи даўам етпекте.