Күни кеше елимиздиң Президенти Олий Мажлиске өзиниң гезектеги Мүрәжатын жоллады. Бул Мүрәжатты халқымыз көтериңки кейпият пенен  күтип алды. Себеби, елимизде алып барылып атырған реформалардың кейинги басқышын, раўажланыўын белгилеп берген бул ўақыя елимиздиң раўажланыўына бийпәрўа болмаған ҳәр бир инсанның итибарынан шетте қалыўы мүмкин де емес еди.

Әлбетте, Журтбасшымыздың алға қойып атырған басламалары, әмелге асырып атырған кең көлемли реформалары нәтийжесинде илимли ҳәм мәрипатлы бәркамал әўлад пенен елимиздиң раўажланыўы дүньяға танылып, өзиниң беккем орнына ийе болады. Билимлендириў ҳәм тәрбия процесин түп-тийкарынан реформалаў бүгинги күнниң әҳмийетли мәселеси сыпатында тән алынып, педагог кадрларға илимли, мәрипатлы келешек әўладты тәрбиялаўдай үлкен жуўапкершилик жүклейди.

Әсиресе, Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында «Жаңа Өзбекстан – мектеп босағасынан, тәлим-тәрбия системасынан басланады»,  деп атап өтиўи пүткил халық билимлендириўи тараўының хызметкерлери ҳәм педагогларды руўхландырыў менен бирге және де жоқары ҳәм мақтанышлы ўазыйпаларды жүклейди. Сондай-ақ, Президентимиздиң  «Жәмийетте оқытыўшы кәсиби ең абырайлы кәсип болыўы керек»,  – деп атап өткени, оқытыўшыларымыздың кеўлин мақтанышқа толтырды деп ойлайман.

Соңғы ўақытлары елимизде Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билимлендириў тараўына жүдә үлкен итибар қаратылмақта. Оқытыўшыларды социаллық қоллап-қуўатлаўдан баслап, билимллендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған әмелий реформалар избе-из әмелге асырылмақта. Ҳүрметли Президентимиздиң ийгиликли басламалары менен мектеплерге ҳәм ол жерде оқып атырған жасларымыздың руўхый  жетискенликлерине айрықша ғамхорлық көрсетилмекте. Мүрәжатте Президентимиз жәмийеттиң раўажланыўында әҳмийетли ҳәм шешиўши әҳмийетке ийе илим ҳәм ағартыўышылққа айрықша итибар бергени мақтаўға ылайық.

Әсиресе, Журтбасшымыз  2021-жылды «Жасларды қоллап-қуўатлаў ҳәм халықтың саламатлығын беккемлеў жылы», –  деп атағаны менен халқымыз, әсиресе, жасларымыздың интеллектуаллық, заманагөй билим потенциалларын арттырыў жолында әҳмийетли қәдем қойылды.

2021-жылдан баслап, елимизде мектепке шекемги билимлендириў системасына жасларды қамтып алыў 65 процентке,  2023-жылға шекем 75 процентке  жеткериледи. Мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерин қурыў ушын бюджеттен 600 миллион доллар  субсидия ажыратылыўы ҳаққындағы сөзлер де мәмлекетимиз басшысының узақ келешекти гөзлеп ислеп атырған ҳәрекетлериниң айқын белгиси. Әлбетте, бүгинги балаларымыз, ақлықларымыз ертеңги күнимиздиң ийеси. Олардың жетик шахс болып камалға келиўи ушын бүгиннен жақсы итибар бериў, билимлендириўге ерте бағдарлаўымыз зәрүр болады.

Қала берди, Президентимиз өз Мүрәжатында басқа райондағы алыс мектепке барып, сабақ беретуғын оқытыўшылардың айлығына 50 процент, басқа ўәлаятқа барып ислесе 100 процент үстеме төленеди, деп атап өтиўи оқыўшылардың логикалық пикирлеўи, дөретиўшилик, жаратыўшаңлық ҳәм креативлик пикирлеў қәбилетлерин және де раўажландырыўға қаратылған заманагөй метод ҳәм технологияларды сабақларда белсене қолланып, олардың ақыл, мәдений ҳәм интеллектуаллық потенциалын жоқарылатыўға ийтермейлейди. Бүгинги күнде билимлендириўдиң сапасын мәлимлеме технологияларысыз көз алдымызға келтирип болмайды. Оқыўшыларымыздың заман талапларына сай түрде үскенеленген заманагөй мектеплерде билим алыўы да жасларға болып атырған итибардың бир бөлеги. Мәмлекетимиз басшысының Мүрәжатында атап өтилгениндей, 2021-жылы 30  жаңа мектеп қурылады ҳәм 320  мектеп капитал оңлаўдан шығарылады. Бул жумысларды әмелге асырыў ушын болса бюджеттен 2 трлн сум қаржы ажыратылыўы да билимлендириў системасына болған үлкен итибар.

Сондай-ақ, жоқары мағлыўмат аламан, өз үстимде ислеп илимли боламан, деген, жүрегинде оты бар, ғайратлы жасларымыздың билим алыўы ушын барлық қолайлықларды жаратыў, мектеп питкериўшилерин жоқары билимлендириў менен қамтып алыў дәрежеси  2021-жылы жоқары билимлендириўге мәмлекетлик грант тийкарындағы қабыллаў квотасы 25 процентке жеткериледи. Жәрдемге мүтәж шаңарақлардың қызларын грант тийкарында жоқары билимлендириў мәкемесине қабыл етиў 2 есеге арттырылып, қабыллаў квотасы 2000 ға жеткериледи. Жақсы баҳаларға оқыйтуғын қызлар ушын айрықша стипендиялар енгизиледи. Бүгин илим, билимлендириў системасы, қаржы ҳәм экономика тараўы пидайыларының ең жанкүйерлери, елим, халқым деген хызметкерлери, илимпазлары арасында ҳаял-қызларымыздың да айрықша орны бар. Қызлар ушын айрықша грантлар ажыратылыўы олардың қатарының және де көбейиўине хызмет етеди.

Мәмлекетимиз басшысының педагогикалық шеберлик ҳәм маманлық дәрежесине ийе болған, өз тараўында анық нәтийжелерге ерискен оқытыўшыларға жоқары мийнет ҳақы төлеў системасын енгизиў,  2021-жылы «Эл-юрт умиди» қоры арқалы жетекши сырт ел ЖООларға магистратура ҳәм докторантураға оқыўға жиберилетуғын жаслардың саны 5 есеге арттырылыўы ҳаққындағы усынысы да халық билимлендириў системасының хызметкерлерин және де руўхландырды. Себеби, Мәмлекетимиз басшысы тәрепинен билимлендириў системасына соншелли итибар берилип атырған екен, биз де, өз гезегинде, бул шақырықларға ҳадал мийнетимиз бенен мүнәсип  жуўап бериўимиз керек.

Бул Мүрәжат елимиздиң раўажланыўында инсан мәплери ҳәм нызам үстинлигине сүйенген, халқымызға жаңаша күш-ғайрат бағышлаған, халықтың келешекке болған исенимин және де беккемлеген жаңа бир басқыштың басланғанын билдиреди.

Мухтар ИБРАГИМОВ,

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты,

Илим, билимлендириў, мәденият ҳәм спорт мәселелери комитети ағзасы

Қарақалпақстан хабар агентлиги