Президенттиң 2020-жыл 30-декабрьдеги ПҚ-4938-санлы қарарына муўапық, 2021-жыл 1-февральдан баслап бюджет мәкемелери ҳәм шөлкемлери хызметкерлериниң мийнет ҳақы және стипендиялар муғдары 1,1 есеге көбейтиледи.

 

2021-жыл 1-февральдан баслап Өзбекстан Республикасы аймағында:

 

– мийнетке ҳақы төлеўдиң ең кем муғдары – айына 747 300 сум;

– базалық есаплаў муғдары – 245 000 сум етип белгиленеди.

 

Сондай-ақ, қарар тийкарында 2021-жыл 1-январьдан Қаржы министрлиги жанындағы Кризиске қарсы гүресиў қоры сапластырылады.

 

Қор есабынан ажыратылған қаржылардың өзлестирилмеген бөлеги және қордың усы жылдың ақырына шекемги қалдық қаржылары мәмлекетлик бюджетке өткериледи.

 

2021-жылы коронавирус инфекциясының тарқалыўына қарсы гүресиў илажлары мәмлекетлик бюджетте коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў ҳәм вакцина сатып алыў қәрежетлери шеңберинде қаржыландырылады.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.