Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 30-декабрь күни Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин, Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев, Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов, Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев, Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон ҳәм Қырғыз Республикасы Президенти ўазыйпасын атқарыўшы Талант Мамитов пенен телефон арқалы сөйлести.

Мәмлекет басшылары бир-бирин шын жүректен қутлықлап, кирип киятырған жаңа 2021-жыл мүнәсибети менен қызғын қутлықлаўлар алысты, дос халықларға тынышлық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеклерин тиледи.

Россия Федерациясы Президенти Владимир Путин  менен сәўбетте коронавирустың глобал көлемде тарқалыўына байланыслы қыйын шараятта мәмлекетлеримиз пандемияға қарсы гүресиў, жәҳән экономикалық ҳәм эпидемиологиялық кризис ақыбетлерин жеңип өтиўде бир-бирине ҳәр тәреплеме жәрдем бергени ҳәм әмелий жәрдем көрсеткенлигин үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Бүгинги күнде Өзбекстанда Россия вакцинасын ислеп шығарыў бойынша кооперация имканиятлары жедел үйренилмекте.

Жүзеге келген жағдай ҳәм қыйыншылықларға қарамастан, барлық дәрежелердеги жедел алмасыўлар даўам еттирилди. Еки тәреплеме  саўда көрсеткишлери сезилерли өсиўге ерисилди, санаат кооперациясы бойынша бир қатар жойбарлар ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиў бағдарламалары жолға қойылды.

Россия Федерациясы мәмлекетимиз ҒМДАға биринши мәрте табыслы басшылық етиўине және Өзбекстан Республикасына Евроазия экономикалық аўқамында бақлаўшы статусы берилиўине салмақлы жәрдем берди.

Сәўбетлесиў ўақтында Президентлер мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, стратегиялық  шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын беккемлеўге  буннан былай да исенимли умтылысларын ҳәм бул бағдарда биргеликтеги ҳәрекетлерин даўам еттиретуғынлығын тастыйықлады.

Келеси жылдың режесине киргизилген еки ҳәм көп тәреплеме илажларға пухта таярлық көриўге келисип алынды.

Өзбекстан ҳәм Россия  басшылары халықаралық сиясат ҳәм регионналық бирге ислесиўдиң әҳмийетли мәселелери бойынша да пикир алысты.

Қазақстан Республикасының Биринши Президенти – Елбасы Нурсултан Назарбаев  пенен телефон арқалы сөйлесиўде глобал қәўип-қәтерлер күшейип баратырған, жәҳән экономикасында қыйын жағдай жүзеге келген бир шараятта мәмлекетлеримиз арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықлары турақлы раўажланыўды даўам еткени, сапа жағынан жаңа мазмун менен байығаны үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Пандемияға қарсы гүресиўде өз-ара жәрдем көрсетилди. Жедел еки тәреплеме сөйлесиўлер, экономиканың түрли тармақларында  қоспа кооперация жойбарлары даўам етти, аймақлараралық  ҳәм мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңейди.

Халықаралық әҳмийетке  ийе әҳмийетли мәселелер де көрип шығылды. Келеси жылы Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўын өткериў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Түркменстан Президенти Гурбангули Бердимуҳамедов пенен сәўбетте коронавирус пандемиясы келтирип шығарған глобал кризис ақыбетлерине қарамастан, жуўмағына жетип атырған  жылда Өзбекстан ҳәм Түркменстан арасындағы көп әсирлик дослық қатнасықларына, жақсы мәдений ҳәм мәнаўий қәдириятлар бирлигине тийкарланған стратегиялық шериклик қатнасықларын  беккемлеўде салмақлы нәтийжелерге ерисилгенлиги үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Мәмлекет басшылары 2021-жылы көп қырлы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша режелерди, сондай-ақ, еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм халықаралық структуралар, бәринен бурын, Бирлескен Миллетлер Шөлкеми шеңбериндеги болажақ илажлардың режесин ҳәр тәреплеме көрип шықты.

Президентлер саўда, санаат, аўыл хожалығы ҳәм транспорт тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиўге, келеси жылы исбилерменлик ҳәм мәдений илажларға бай бағдарламаны әмелге асырыўға келисип алды.

Жаңа жылда Орайлық Азия мәмлекетлери басшыларының гезектеги Мәсләҳәт ушырасыўына таярлық көриў мәселелери де додаланды.

Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлесиўде өтип атырған жылдың барлық қәўип-қәтер ҳәм қыйыншылықларына қарамастан, Өзбекстан ҳәм Қазақстан арасындағы көп әсирлик дослық қатнасықлары, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларының избе-из раўажланыўы тәмийинленгенлиги айрықша атап өтилди.

Мәмлекет басшылары еки тәреплеме жаңа бирге ислесиўди, соның ишинде, саўда портфелин буннан былай да кеңейтиў, инвестициялық жойбарлар, санаат, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм энергетика тараўларында байланысларды тереңлестириў зәрүр екенлигин атап өтти.

Аймақлар арасындағы тығыз бирге ислесиўди даўам еттириў, мәдений-гуманитарлық алмасыўдың кең бағдарламасын әмелге асырыўға үлкен итибар қаратылды.

Президентлер, сондай-ақ, регионналлық бирге ислесиў  перспективалары бойынша пикир алысып, болажақ жоқары дәрежедеги илажлардың режесин додалады.

Мәмлекетимиз басшысы Қазақстан Президентине 2021-жылы Евроазия экономикалық аўқамына табыслы басшылық етиўин тиледи.

Тәжикстан Республикасы Президенти Эмомали Раҳмон  менен еки тәреплеме қатнасықлар ҳәм регионналлық әҳмийетке ийе әҳмийетли мәселелер додаланды, Өзбекстан ҳәм Тәжикстан арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеўдиң биринши гезектеги ўазыйпалары белгиленди.

Турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў, заманагөй  қәўип-қәтерлерге қарсы гүресиў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Әмелий бирге ислесиўди тереңлестириў, соның ишинде, товар алмасыўды көбейтиў, қоспа кооперация жойбарларын алға қойыў, аймақлараралық ҳәм мәдений алмасыўды кеңейтиў бойынша келисимлерге ерисилди.

Мәмлекет басшылары болажақ еки ҳәм көп тәреплеме илажлардың режесин көрип шықты. Мәмлекетимиз жетекшиси дос Тәжикстан Президентине 2021-жылы Шанхай бирге ислесиў шөлкемине басшылықта табыс тиледи.

Қырғыз Республикасы Президентиниң ўазыйпасын атқарыўшы Талант Мамитов  мәмлекетимиз басшысына коронавирус пандемиясына қарсы гүресиўде көрсетилген үлкен ҳәм әмелий жәрдем, соның ишинде, Қырғызстан аймақларында мобиль медицина орайларын қурыў жойбарлары әмелге асырылғанлығы ушын терең миннетдаршылық билдирди.

Еки мәмлекет арасындағы дослық, жақсы қоңсышылық ҳәм көп қырлы шериклик  қатнасықларын избе-из беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери де додаланды.

Өзбекстан – Қырғызстан бирге ислесиўиниң күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселелерди, бәринен бурын, санаат кооперациясы, саўда, экономика ҳәм регионналлық транспорт жолларын раўажландырыў илажларын алға қойыў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Сөйлесиў соңында Өзбекстан Республикасы Президенти 2021-жылдың басында Қырғызстандағы әҳмийетли ишки сиясий илажларды өткериўде табыс тиледи.

Телефон арқалы сөйлесиўлери ҳәр қашанғыдай қызғын, ашық-айдын ҳәм дослық руўхында өтти.

 

ӨзА