Мүнәсибет

Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатын қунт пенен тыңлап, көп мағлыўматларға ийе болдым.

Пүткил дүньяны тәшўишке салып атырған пандемия себепли жүзеге келген қыйыншылықларға қарамастан, 2020-жыл даўамында ерисилген нәтийжелер анық фактлер менен жеткерип берилди.

Әсиресе, жаслар ҳәм ҳаял-қызлар турмысына байланыслы мәселелердеги  машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша билдирген пикирлери орынлы болды.

Пандемия дәўиринде «темир дәптер»ге киргизилген шаңарақларды социаллық  қоллап-қуўатлаў  арқалы  комплексли шуғылланған жағдайда  ғана жақсы нәтийжелерге ерисиўге болатуғынлығы  ҳаққында айтып  өтти. Мәселен, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша пуқараларға тек ғана материаллық жәрдем көрсетиў арқалы емес, оларды кәсипке оқытыў, ең тийкарғысы ҳәр бири менен теңдей шуғылланып психологиялық қоллап-қуўатлаў арқалы мотивациялық көмек бериўимиз лазымлығы  атап  өтилди.

Ҳақыйқатында  да  биз өзимизде қандай да бир исти басламастан алдын, жети өлшеп бир кесемиз, сонда да әмелге асырмақшы  болған жумысымыздың нәтийжесин ойлап тынышсызланып қаламыз ҳәм бизди көбирек  қәўип  туўдырыўшы ойлар артқа тарта баслайды.

Мине усы қәўипли,  пессимистлик  пикирди жеңиў ушын мотивациялық күш керек болады.

Мүрәжатты тыңлап отырып,  бир нәрсе мени толқынландырды. Яғный, жақын келешекте билимлендириў тараўында әмелге асырылатуғын реформалардың басқышлары. Ең биринши гезекте тәлим бағдарын раўажландырыўда  өсип киятырған жас әўладларды  мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине 2021-жыл даўамында 75 процентке қамтып алыўды жеткериў. Педагог кадрлардың оқыў шеберлигин арттырыў, сондай-ақ,  240 мыңнан аслам мектептеги топар басшылары ушын үстеме төлеўин 1,5 есеге көбейтиў, оқытыўшыларға мийнет ҳақы төлеўдиң жаңа системасын жаратыў нәзерде тутылмақта. Бунда, қала аймағында  жасаўшы оқытыўшы педагог, район аймағындағы мектепке барып  жумыс  ислейтуғын  болса мийнет ҳақысын 50 процент көбейтиў, ал, егерде басқа ўәлаятқа  барып  жумысын даўам еттиретуғын болса 100 процент муғдарында айлықларына үстеме төлеп бериў системасы енгизилетуғынлығы айтылды.

Әлбетте, Жаңа Өзбекстанды бүгинги жаслар менен биргеликте қурамыз. Жасларды билимли, илимли ҳәм кәмил инсан етип тәрбиялаў мәмлекетлик сиясаттың  тийкарғы  идеясына айланды.

Мүрәжатта жасларды профессионал кадрлар етип таярлаў мақсетинде «Ел журт келешеги» фонды тәрепинен сырт еллердеги жетекши оқыў орынларының магистратура ҳәм докторантура бағдарлары бойынша оқыўға жиберилетуғын жаслардың саны 5 есеге арттырылады.

Демек, билимлендириўди ҳәм илимди қоллап-қуўатлаў, тараўларды жаңадан профессионал кадрлар менен толықтырыў үшинши Ренессанс дәўириниң басланыўына алып келеди.

 

 

Қутлыбай Бекназаров,

ӨзЛиДеП Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси бөлим баслығы.

Қарақалпақстан хабар агентлиги