Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтың бир қатар пәрманларына муўапық, Ўатанымыз ғәрезсизлигиниң 29 жыллығы алдында бир топар ўатанласларымыз ҳүрметли атақлар, орден ҳәм медальлар менен сыйлықланған еди.

28-декабрь күни Көксарайда сыйлықларды тапсырыў мәресими болды.

Мәмлекетимиз басшысы сыйлықланғанларды қутлықлап, оларға өзиниң жоқары ҳүрметин билдирди.

– Биз кейинги жылларда жақсы дәстүрди жолға қойып, ўатанласларымызға сыйлықларды байрам күнинде тапсырып киятырған едик. Тилекке қарсы, бул жылғы пандемия шараятында адамларымыздың денсаўлығын сақлаў ушын бул қайырқомлық илажды бираз кейинге қалдырыўға туўра келди. Жақсылықтың кеши жоқ, деген сөз бар. Несип еткен екен, мине бүгин сизлер менен Жаңа жыл байрамы алдында жүзбе-жүз көрисип, дийдарласып турыппыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Өмирде қуўаныш пенен түрли сынақлар ҳәм қыйыншылықлар қатар жүреди. Быйыл коронавирус пандемиясы пүткил инсаният басына үлкен тәшиўишлер салды. Халқымыз бул кеселликке қарсы гүресиў  менен бирге басқа сынақларға да дус келди. Бухара ҳәм Сырдәрья ўәлаятларында күтилмеген апатшылықлар жүз берди.

– Ел-журтымыз бул машқалалардың алдында албыраўшылыққа түсип қалғаны жоқ. Керисинше, қыйыншылықлар бизди және де бирлестирди, бир-биримизге меҳримиз артты. Қыйын жағдайға қарамастан, көпти көрген, мәрт халқымыздың пидәкерлик мийнети менен бул сынақларды мәрдана жеңип атырмыз. Берекет аўызбиршиликте, деген сөз турмысымызда және бир мәрте өз тастыйығын тапты. Пандемия ҳәм глобал кризис ақыбетлерин кемейтиў бойынша  көрип атырған илажларымыз өз нәтийжесин берип атыр, – деди Президент.

Халықтың денсаўлығын сақлаў, экономиканы раўажландырыў ҳәм қурылыс жумыслары жедел даўам еттирилип атырғанлығы атап өтилди. Жоқары технологияларға тийкарланған заманагөй кәрханалар, жаңа транспорт системалары қурылмақта. Усы айда Ташкент металлургия заводы, жаңа метро жөнелиси иске қосылды. Усы жылы пайтахтымызда Балалар миллий медицина орайы, Жеңис парки, Жазыўшылар қыябаны қурылды. Барлық ўәлаят ҳәм районларда заманагөй  турақ жайлар, жол ҳәм көпирлер, жаңа бақшалар, мектеплер, мәденият ҳәм көркем өнер және спорт орайлары  бой тиклемекте.

Киши бизнес ҳәм жеке меншик исбилерменликке кеңнен жол ашылмақта. Мәмлекетлик бағдарламалар тийкарында қала ҳәм аўылларымыз, мәмлекетимиздиң келбети барған сайын абат болып бармақта. Мийнеткеш дийқан ҳәм фермерлеримиз пахта,ғәлле ҳәм басқа егинлерден мол өним жетистирди.

– Биз бүгинги нәтийжелерге ерисиў ушын пандемия шараятында – оғада қыйын бир жағдайда жумыс алып бардық, – деди Шавкат Мирзиёев. – Оның ушын 2-3 есе көбирек мийнет ислеўге, излениў, жаңа имканият ҳәм ресурсларды излеп табыўға туўра келди. Бәринен бурын, пидайы шыпакерлеримиз өз жанын гиреўге қойып, халқымыздың денсаўлығын сақлаў ушын теңи-тайы жоқ мәртлик көрсетти. Бул бағдарда Қураллы Күшлер, Миллий гвардия, Ишки ислер, Айрықша жағдайлар министрлиги мәрт хызметкерлериниң хызметлерин айрықша қәдирлеймиз. Ҳәзирги ўақытта, қурылысшылар, сақаўатлы исбилерменлер, мәҳәлле белсендилери, ҳүрметли нуранийларымыз, жасларымыз, илим, мәденият ҳәм спорт тараўының ўәкиллери ел-журтымызға хақыйқый таяныш ҳәм сүйениш болып  ортаға шықты. Ҳәр қандай сынақты  бир жағадан бас шығарып жеңип өтетуғын халқымыз мине усындай аўыр күнлерде қүдиретли күшке айланды. Пурсаттан пайдаланып, сабыр-тақатлы, мийнеткеш, мәртебели ҳәм пидайы халқымызға, оның  уллы қаҳарманлығы ушын  және бир мәрте бас ийемен.

– Дүньяда инсан өзин қашан бахытлы деп биледи? Уллылық неде? Елге ҳадал, пәк мийнет етип, нәтийжеси мине усындай сыйлық болғанда. Бул жерде отырғанлар бүгинги күнниң қаҳарманлары, мәрт халқымыздың уллы ўәкиллери, – деп атап өтти Президент.

Илажда айтып өтилгениндей, ўатанласларымыздың пидайы хызметлерин мүнәсип баҳалаў мақсетинде усы жылы «Өзбекстанда хызмет көрсеткен геолог» ҳүрметли атағы, «Олий Даражали Дўстлик» биринши ҳәм екинши дәрежели «Саломатлик» және «Фаҳрий мураббий» орденлари, «Соғлом турмуш» медалы сыяқлы жаңа мәмлекетлик сыйлықлар енгизилди.

Буннан тысқары, «Меҳр-саховат» көкирек белгиси енгизилип, социаллық қорғаўға мүтәж халықты қоллап-қуўатлаўға үлес қосқан дерлик 25 мың ўатанласымыз усы сыйлық пенен сыйлықланды.

Ҳәзирги күнлерде орынларда жүзлеген ўатанласларымызға әне усы ҳүрметли атақ, орден ҳәм медальлар салтанатлы түрде тапсырылды.

Мәмлекетимиз басшысы сыйлықланған барлық ўатанласларымызға жыйналғанлардың атынан қутлықлаў жоллады.

Соңынан сыйлықлар салтанатлы түрде тапсырылды.

Бизге белгили, Муғаллимлер ҳәм устазлар байрамы алдында жәдидшилик ҳәрекети ғайраткерлери – Абдулла Авлоний, Маҳмудҳўжа Беҳбудий ҳәм Мунавварқори Абдурашидхонов «Буюк хызматлари учун» ордени менен сыйлықланған еди.

Мәресим басында әне усы сыйлықлар мәрипатшы ата-бабаларымыздың ақлықларына тапсырылды. Бундай ҳүрмет уллы ата-бабаларымыздың мәңгилик мийрасы бүгинги күнде де қәдирли екенлигинен, халқымызға тәкирарланбас мәнаўий күш бағышлап киятырғанлығынан  дерек береди. Соның менен бирге, ел-журтымыздың миллий ояныў ҳәм раўажланыўға умтылыўы турақлы екенлигин көрсетеди.

Сондай-ақ, медицина, экономика, илим, билимлендириў, әдебият ҳәм басқа да тараўлардың ғайраткерлери, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик жумыслардың белсендилерине  сыйлықлар тапсырылды. Нәтийжели жумысы, ўатансүйиўшилиги ҳәм  интакерлиги менен жасларға ибрат болып атырғаны ушын Президент оларға миннетдаршылық билдирип, жақсы тилеклерин билдирди.

– Ҳәммемиз бүгин жақсы арзыўлар ҳәм уллы мақсетлер менен, жаңа жыл босағасында турыппыз. Ҳәммемиз бир болып, халқымызға садықлық пенен мийнет етип, жаңа Өзбекстанның тырнағын жаратқанымыз бенен мақтанамыз. Дүньямыз тыныш болсын, кеңпейил ҳәм мәртебели халқымызды, жанажан Ўатанымызды Алла-таала бәрқулла өзи сақласын, – деп сөзин жуўмақлады Президент.

Сыйлықланғанлар жоқары  итибар ушын мәмлекетимиз басшысына миннетдарышылқ билдирди.

– Ҳәзир ғана тәрийхый ўақыяның гүўасы болдық. Бир топар мәрипатшы бабаларымыз қатары белгили устаз, уллы инсан Мунавварқори Абдурашидхоновқа берилген жоқары сыйлықты Президентимизден қабыл етип алдым, – дейди жазыўшының ақлығы Шоазим Миноваров. – Бул орден жәдидлердиң пидәкерлик мийнетине берилген сыйлық. Мәмлекетимиз басшысы егер жәдид бабаларымыз репрессияға ушырамағанында ҳәзир үшинши емес, төртинши Ренессанстың тырнағын қурып атырған болар едик, деп атап өтти. Ҳақыйқатында да, олардың хызметлерине буннан артық баҳа берип болмайды. Бул инсанлар ҳақыйқый мәнидеги зыялылар еди. Илим, мәрипаттың турмысымыздағы әҳмийетин аңлаған ҳалда, мәмлекетимизде соңғы төрт жылда тараўға үлкен итибар қаратылмақта. Әлбетте, өткен ата-бабаларымызды еслеў ҳәм саўап, ҳәм тәрбиялық жумыс. Оларға мүнәсип болыў, жасларымызды уллы ата-бабаларымыздай пидайы инсанлар  етип тәрбиялаў биз әўладлардың миннети болып есапланады.

-Жаңа Өзбекстанда Президентимиздиң басламасы менен енгизилген адамларды разы етиў концепциясы өмиримиз нормасына айланды,-дейди Самарқанд мәмлекетлик университетиниң профессоры, филология илимлериниң докторы, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси Муслиҳиддин Муҳиддинов. –Халық пенен демократиялық процесслердиң раўажланыўы, адамлардың сана-сезимине сиңиўи, жәмийеттиң ҳәрекетке келиўинде әҳмийетли орын ийелемекте. Бүгинги күнде Әлийшер Наўайының «Адам болсаң демегил адамды, Егер онда болмаса халықтың ғамы» бәйтиндеги идеялар турмысымызда үлкен орын тутады. Уллы шайыр туўылған күниниң 580 жыллығын белгилеў ҳаққындағы қарар, Самарқанд мәмлекетлик университетин Мырза Улығбек жоқары медресесиниң мийрасхоры, деп есаплаўға қаратылған ҳәрекетлер барлық зыялылар қатары мениң де жүрегимде мақтаныш сезимлерин толып-тастырды.

– Елимизде әмелге асырылып атырған үлкен дөретиўшилик жумыслары жүрегимизде мақтаныш оятады,-дейди Қарақалпақстан Республикасы Елликқала районы мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлиминиң ҳүрметли ағзасы, «Эл-юрт ҳурмати» ордениниң ийеси Амин Тожиев. –Мойнақ картада дерлик жоғалыў алдына келип қалған еди. Бүгин район пүткиллей жаңа көриниске кирди. Аэропорт тикленип, «Боинг», «Аэробус» маркалы самолётлар келе баслады. Аралдың қурыған аймағында мыңлаған гектар терекзарлар пайда болды. Бул жумысларда пүткил Өзбекстан халқы қатнасты. Басқаша айтқанда, Әжинияз, Бердақ бабаларымыз, Ибрайым Юсупов, Төлепберген Қайыпбергенов әрман еткен заман келди.

-Мәмлекетимиз басшысының басламасы менен елимиздиң қәўипсизлиги ҳәм турақлылығын тәмийинлей алатуғын заманагөй армияны шөлкемлестириў бойынша үлкен жумыслар әмелге асырылмақта,-дейди Өзбекстан Қураллы Күшлери әскерий округи сәркардасы, 1-дәрежели «Шон-шараф» ордениниң ийеси Ойбек Саидов. -Әскерлердиң жаўынгерлик таярлығы  арттырылды, ўәлаят ҳәкимликлери жанында әскерий-ҳәкимшилик секторлары дүзилди. Бул Ўатан қорғаўшыларының турақлы таяр жағдайда турыўында үлкен әҳмийетке ийе. Бундай итибардың нәтийжесинде усы жылы округимизден 54 әскерий хызметкер халықаралық турнирлерде қатнасып, 30 ы медалларға сазаўар болды. Елимизде ерисилип атырған жетискенликлер белди беккем байлап, шекти бәлент алыўға талпындырмақта. Бүгин сыйлық алғанлардан руўхланып, ҳәр бир тараўда пидайылық пенен мийнет етип, Ўатанымыздың абырайы ҳәм даңқын және де бәлентлетиўге нийет еткенлердиң қатары және де кеңейеди, деп ойлайман.

Мәресимде мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң басшылары, мийнет  ветеранлары, зыялылар, жаслар қатнасты.

 

ӨзА