Усы жыл 23-декабрь күни Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Шерзод Шерматов Хожели районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 2629– ҳәм 3-санлы улыўма орта билим бериў мектеплери, сондай-ақ, Нөкис қалалық Халық билимлендириў бөлимине қараслы 21-санлы улыўма орта билим бериў мектебинде болып, оларда муғаллимлер ҳәм оқыўшылар ушын жаратылған шараятлар менен танысты.

Министр ушырасыў барысында елимизде билимлендириў тараўындағы өзгерислер, Президентимиз тәрепинен шығарылып атырған қарарлар менен пәрманлардың мазмун-мәниси, олардың орынланыўы ҳәм  мектеплерде билим бериўдиң сапасын арттырыў, билимлендириў мәкемелерин тәжирийбели кадрлар менен тәмийинлеў, жәмийетте муғаллимлердиң абырайын арттырыў, мектеп – ибрат мәсканы болыўы кереклиги ҳаққында пикир-усынысларын  билдирип  өтти.

Ушырасыўда мектеп питкериўшилериниң жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши талланып, бул бағдардағы кемшиликлер  атап өтилди ҳәм келешектеги ўазыйпалар белгилеп алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги