Реймов Рүстем Мәмбеткәримович Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри лаўазымына тайынланды.

 

Бүгин Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министри Ш.Шерматов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев қатнасқан жыйналыста Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри лаўазымына тайынланған Р.Реймов тараў ўәкиллерине таныстырылды.

 

Философия илимлериниң кандидаты, доцент Р.Реймов мийнет жолы даўамында Қарақалпақ мәмлекетлик университетинде оқытыўшы, факультет деканы, Қарақалпақстан Республикасы Халық билимлендириў министри лаўазымларында ислеген.

 

Усы күнге шекем ол ТИТУ Нөкис филиалы академиялық лицейиниң директоры болып ислеген.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.