22-декабрь күни Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында Өзбекстанның Франциядағы елшиси Сардор Рустамбаев пенен ушырасыў болып өтти.

Ушырасыўда Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтының Франция Оқытыў ҳәм илимий изертлеў бойынша жоқары миллий институты (INSHEA) менен илим ҳәм билимлендириў бағдарында бирге ислесиў, профессор-оқытыўшылар, илимий излениўшилер ҳәм студентлерди өз ара алмасыў арқалы билим ҳәм көнликпелерин арттырыў, биргеликте сабақлық ҳәм оқыўлық қолланбалар жаратыў және илимий конференциялар шөлкемлестириў мәселелери додаланды.

– Институтымыз имканияты шекленген балалар ҳәм жасларға билим бериў мәселелери менен шуғылланады. Бул бойынша бизиң институтымыз басшылығында арнаўлы шөлкем жумыс алып бармақта. Алдағы ўақытлары бул бағдардағы тәжирийбелеримизди сизлер менен бөлисиўге, сизлердеги тәжирийбелерди де үйрениўге таярмыз, – деди Франция Оқытыў ҳәм илимий изертлеў бойынша жоқары миллий институты (INSHEA) директоры, доктор Жак Микулович видеоконференц байланыс тәризинде өткерилген ушырасыўда.

Ушырасыўда Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институты ҳәм Франция Оқытыў ҳәм илимий изертлеў бойынша жоқары миллий институты (INSHEA) арасында инклюзив билимлендириў бағдарында бирге ислесиў бойынша меморандумға қол қойылды.

 

Илажда Өзбекстанның Франциядағы елшиси Сардор Рустамбаев Францияның билимлендириў системасының өзине тән өзгешеликлери, соңғы жыллардағы илимий жетискенликлери ҳаққында мағлыўматлар берди.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.