Бүгин социаллық тармақларда 2021-жыл 16-январьдан онлайн тәризде оқып атырған барлық студентлер ушын оқыў процеси дәстүрий тәризде басланыўы ҳаққындағы хабарлар тарқалды.

 

Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлигиниң мәлим етиўинше, жоқары оқыў орынларының барлық студентлерин толық дәстүрий оқыўға өткериў жобаластырылмаған.

 

Бул мәселеде жаңалық болса, министрлик рәсмий веб-сайты ҳәм Телеграм каналы арқалы мәлим етилетуғынлығы қосымша етилген.

 

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлиги.